Жим Рожерс Ташкент форумында қатнасады

245

Америкалы белгили инвестор, бизнесмен ҳәм финанслық шолыўшы Жим Биланд Рожерс IV Ташкент халықаралық инвестиция форумы (ТХИФ)ның арнаўлы сессиясында қатнасыўы күтилмекте. « Beeland Interests » компаниясының баслығы, «Quantum» қорының тийкарын салыўшылардан бири болған бул шахс глобал финанс базарында тийкарынан 10-15 жыллық, яғный узақ мүддетли келисимлерге қаржы қарататуғын инвестор сыпатында танылған.

11-июнь күни «Өзбекстанды баҳалы қағазлар инвестициясы ушын сийрек ушырасатуғын базарға айландыратуғын факторлар не?» атамасындағы эксклюзив сессия шеңберинде Жим Биленд Рожерс аудитория менен жүзбе-жүз ушырасып, дүнья регионларындағы инвестициялық орталық ҳаққындағы көзқараслары, инвестициялық активти басқарыў бойынша тәжирийбеси менен ортақласады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги