Жаслардың ҳаўазы бәлент жаңлады: «Бозатаў ФЕСТ» жаңа жулдызларды ашты

88

Жасларға имканият жаратыў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў мақсетинде жолға қойылған «Жаслар ҳаўазы» – Бозатаў ФЕСТ таңлаўы 2025-жылы жаңа басқышқа көтерилди. Президенттиң басламасы тийкарында шөлкемлестирилген бул жойбар 3-7-июнь күнлери Ташкент қаласында биринши мәрте жоқары дәрежеде өткерилди. Республикалық басқыш күшли бәсеки, үлкен таярлық ҳәм умытылмас ўақыяларға бай болды.

Таңлаўдың тийкарғы мақсети – жергиликли талантлыларды қоллап-қуўатлаў, миллий мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў және жаслар арасында дөретиўшилик орталықты күшейтиў болып есапланады.

Бул таңлаў биринши мәрте 2020-жылы Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан жаслары менен ушырасыўы даўамында алға қойылған баслама тийкарында шөлкемлестирилген. 2021-жылдан баслап Жаслар ислери агентлиги ҳәм бир қатар бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен бул таңлаў турақлы түрде өткерилип келинбекте. Усы жылға келип, «Жаслар ҳаўазы» – Бозатаў ФЕСТ таңлаўы бренд статусына ийе болып, миллионлаған жаслар қатнасатуғын миллий дөретиўшилик майданға айланды.

Таңлаў бақсышылық, дәстүрий атқарыў, опера ҳәм эстрада бағдарларында, 10-15, 16-22 ҳәм 23-30 жас категориялары бойынша мәҳәлледен баслап республикалық басқышқа шекемги басқышпа-басқыш системада шөлкемлестириледи.

Быйылғы финаль басқышында Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан жаслар өзлериниң қәбилети, шеберлиги ҳәм мийнети арқалы жоқары нәтийжелерге еристи. Олардың арасынан төрт жас жеңимпазлықты қолға киргизди:

Опера бағдарында – Ақылбек Пиязов (23-30 жас): 1-орын

Эстрада бағдарында – Асемай Уракова (10-15 жас): 1-орын

Миллий атқарыўшылық бағдарында – Иноят Базаров (23-30 жас): 1-орын

Бақсышылық бағдарында – Зулхумар Елиубаева (16-22 жас): 3-орын

Бозатаў ФЕСТ тек ғана жаслар ушын дөретиўшилик имканият емес, ал олардың келешегин белгилеп беретуғын әҳмийетли илажға айланбақта. Жаңа жулдызлар, жаңа атамалар ҳәм жаңа жеңислер менен «Жаслар ҳаўазы» фестивалы миллий мәнаўияттың раўажланыўына өз үлесин қосыўда даўам етпекте.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы