Өзбекстандағы стартаплар ҳаққында

216

«Стартап жолы» медиа жойбары арқалы елимиздеги перспективалы ҳәм инновациялық стартаплар ҳаққында жақыннан мағлыўмат алыўыңыз мүмкин.

Жойбардың дәслепки санында – TOKCHA стартапы. Бул платформа өзбек тилиндеги көркем, илимий ҳәм оқыў әдебиятларын санлы ҳәм аудио форматта усынады. Тийкарғы мақсет – студентлер ҳәм оқыўшылар ушын китапқа болған жетиспеўшиликти сапластырыў.

Жойбардың тийкарын салыўшысы өз идеясы, тәжирийбеси ҳәм табысқа қарай жолы ҳаққында толық айтып береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги