“Elymus uzbekistanicus” — Өзбекстанда жаңа өсимлик түри ойлап табылды

Ойлап табылған жаңа түрдиң аты елимиздиң ҳүрметине бағышланып – Elymus uzbekistanicus деп аталды.
Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Қытайдың ботаник илимпазлары менен биргеликте алып барылған илимий излениўлер нәтийжесинде собықлылар (Poaceae) туқымласына кириўши суўлық (Elymus) туўысына кириўши ҳәм бурын илим ушын белгисиз болған пүткиллей жаңа өсимлик түри ойлап табылды.
Бул жаңа түрдиң аты елимиздиң ҳүрметине бағышланып – Elymus uzbekistanicus деп аталды. Бул ҳаққында ИА Мәлимлеме хызмети мәлим етпекте.
Бул әҳмийетли илимий жетискенлик хлоропласт ҳәм ядролық ДНК избе-изликлери анализлери, сондай-ақ, дәстүрий морфологиялық изертлеў усыллары тийкарында әмелге асырылған.

Өсимлик түриниң илимий сыпатламасы, идентификация гилти, жоқары сапалы сүўретлери, географиялық тарқалыўы ҳәм экологиялық өзгешеликлери кең түрде сәўлелендирилип, халықаралық ботаника жәмийетшилигине усынылған.
Elymus uzbekistanicus бул соңғы 57 жыл ишинде Poaceae туқымласынан Өзбекстан аймағында анықланған биринши жаңа түр есапланады.

Бул жаңалық елимиздеги биологиялық көп түрлиликтиң еле толық үйренилмеген үлкен потенциаллары бар екенлигин және бир мәрте тастыйықлайды.
Жаңа түр Өзбекстан Миллий гербарийси (ТАШ) коллекциясында сақланып атырған үлги тийкарында анықланған болып, бул гербарий фондының мәмлекетте алып барылып атырған илимий изертлеўлерде тутқан орны ҳәм әҳмийетин және де арттырды.

Миллий гербарий тек ботаникалар ушын әҳмийетли дәрек емес, ал Өзбекстанның тәбийғый байлықлары ҳәм биологиялық мийрастың тарийхый гүўасы болып есапланады.

Ойлап табылыўға бағышланған илимий мақала дүньяның абырайлы ботаника журналларынан бири есапланған PhytoKeys басылымында басып шығарылды.
М.Эшмирзаева, ӨзА