Шаңарақ саламат болса, жәмийет саламат болады
247

Шоманай районлық Медицина бирлеспеси тәрепинен Бирлешик аўыл пуқаралар жыйыны аймағында “Саламат шаңарақ-саламат жәмийет” атамасында илаж өткерилди.
Оған Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Шоманай районлық Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, депутатлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илаж шеңберинде усы аймақта жасаўшы жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм балалар медициналық тексериўлерден өткерилип, оларға мәсләҳәтлер берилди.

Бундай ушырасыўларды өткериўден тийкарғы мақсет – усы аймақта жасаўшы пуқаралардың саламатлығын беккемлеў, кеселликлердиң ерте алдын алыў, пуқаралар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўден ибарат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги