Аралбойын раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли сөйлесиў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәмлекетимиздиң Швециядағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Раҳматулла Нурымбетов ҳәм Польшадағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Амирсаид Азамхўжаев пенен ушырасыў өткерди.
Бул ушырасыўда соңғы жыллары мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Аралбойын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, экологиялық машқалаларды сапластырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар ҳаққында сөз болды.

Аманбай Орынбаев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде аймақта сырт ел инвестицияларын тартыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм сырт елли шериклер менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда елшилердиң роли шексиз екенин айрықша атап өтти. Соның менен бирге, Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары басшыларының Қарақалпақстанға келиўи аймақты раўажландырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли сиясий қәдем екенлиги айтылды.
Ушырасыўда дипломатлар қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, келешекте Аралбойы регионы ушын әҳмийетли болған бир қатар мәселелер, соның ишинде, халықаралық жойбарларды жолға қойыў, жаңа инвестицияларды тартыў ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Бундай сөйлесиўлер Қарақалпақстанның турақлы раўажланыўына, жаңа имканиятларды жаратыў ҳәм регионның халықаралық майдандағы абырайын арттырыўға хызмет ететуғыны сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги