Қурбан ҳайыты – мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик, мүриўбет тымсалы

111

Елимиз бойлап Қурбан ҳайыты байрамы кеңнен белгиленбекте.

Президентимиздиң 2025-жыл 30-май күнги “Мүбәрек Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында”ғы қарары менен республикамызда кең көлемли таярлық жумыслары алып барылды. Байрамды халқымыздың миллий дәстүри ҳәм үрип-әдетлерине сәйкес ҳалда өткериў мақсетинде қолайлы шараятлар ҳәм имканиятлар жаратылды.

Усы жыл 6-июнь күни республикамыздагы 64 мешитте Курбан ҳайыт намазы окылып, оған 37 мыңнан аслам адам қатнасты.

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Қурбан ҳайыты пазыйлетлери атап өтилип, усы муқаддес байрам күнлерине мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын шүкиршилик билдирилди.

Нөкис қаласындағы орайлық “Имам ийшан Мухаммад” жоме мешитинде де ҳайыт намазы оқылып, Ѳзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Баслығының байрам қутлықлаўлары жәмәәтке жеткерилди.

Шынында да, Мүбәрек Қурбан ҳайытының руўхый турмысымызда мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик, мүриўбет, дослық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы ийгиликли принциплерди беккемлеў бағдарындағы әҳмийети жүдә үлкен. Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.

Ҳайыт намазынан соң журтымыздың тынышлығын, халқымыздың абаданлығын сорап қайырлы дуўалар қылынды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.