Баслы мақсет-халықтың турмыс абаданлығын арттырыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына жәрдем бериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде, усы районға барды.

Ең дәслеп республикамыз Басшысы Шахтемир МПЖ аймағында жайласқан мебель ислеп шығарыўшы «PRIME MAXIMUS» ЖШЖ кәрханасы, қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы «ShAXTEMIR PIK STROY» шаңарақлық кәрханасы ҳәм «UBAYDULLA UBEK» ЖШЖ кәрханаларында болып, жәмийет баслықлары менен сәўбетлести.
Буннан соң Темир жол гүзары МПЖ аймағы турғыны, өз үйинде миллий қараүй дәскелерин таярлаўды жолға қойған Азат Колбайбанов шаңарағында шөлкемлестирилген жумысларды көзден өткерип, жуўапкерлерге исбилерменлердиң өз жумысын кеңейтиўи ҳәм раўажландырыўы ушын барлық жәрдемлерди көрсетиў, Президентимиз тәрепинен берилген айрықша жеңилликлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша тапсырмалар берилди.

Ал, Гүлистан МПЖ аймағында гүл егип, жетистириўди жолға қойған Мавлуда Алимбетова, Темир жол гүзары МПЖ аймағында балық өршитиў жумысларын алып барып атырған Турғанбай Ережеповлардың шаңарақларында болып, қыйтақ жерди дәрамат дерегине айландырыў бойынша жолға қойылған жумысларды еле де кең түрде даўам еттириў керек екенлиги атап өтилди.
Буннан соң Тазғара аўыл пуқаралар жыйынында аймақ жаслары менен ушырасыў өткерип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат алыўына жәрдем бериў бағдарында ажыратылған жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў керек екенлиги, буның ушын барлық жәрдемлер берилетуғынлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы жыйын аймағындағы 52-санлы шаңарақлық поликлиникада санластырыў бойынша алып барылған жумыслар менен жақыннан танысып, жумыс барысын көзден өткерип, еле де әмелге асырыўы тийис ўазыйпалар бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.