29 жыл бурын жолға шыққан кәрўан АҚШ, Мексика ҳәм Канадаға жоллама алды

166

1994-жылы Азия футбол конфедерациясы ҳәм ФИФА ға рәсмий түрде ағза болған футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы сол жылдың өзинде-ақ, Японияның Хиросима қаласында өткерилген Азия ойынларында алтын медальды қолға киргизген еди.
Буннан соң мәмлекетимиз сайланды командасы Францияда өткерилетуғын жәҳән чемпионаты жолламасын киргизиў ушын таңлап алыў ойынларына қатнасып, онда әўметсизликке ушыраған еди.


Мине, соннан берли де арадан 29 жыл ўақыт өтти. Бул дүнья тарийхы ушын азғана ўақыт болғаны менен, елимиз футболшылары ҳәм жанкүйерлери ушын узақ күтилген дәўир еди. Себеби, усы жыллар ишинде дүнья жүзи бойынша 6 мәрте жәҳән чемпионаты ушын таңлап алыў ойынлары өткерилип, сайланды командамыздың қаншама күшли футболшылары жәҳән чемпионатына шыға алмай, әрман менен өзлериниң футболшылық карьерасын тамамлаўға мәжбүр болды.


Қаншама халқымыз сайланды командамызға жанкүйерлик етип, алты мәрте ийги нийетлери пушқа айланбады дейсиз. Халқымыздың көп жыллық әрманы күни кеше Бирлескен Араб Әмирликлериниң Абу-Даби қаласында өткерилген футбол бойынша жәҳән чемпионатының таңлап алыў басқышының 9-турында әмелге асты.
Атап айтқанда, талантлы жас тренер Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан Миллий сайланды командасы Ал-Наҳаян стадионында өз топарында 3-орынды ийелеп киятырған Бирлескен Араб Әмирликлерине қарсы ойын өткерип, онда командамыз ушын оғада қымбат болған 1 упайды қолға киргизди ҳәм 2026-жылы АҚШ, Мексика ҳәм Канада футбол майданларында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына мүддетинен алдын жоллама алыўға еристи.


Футболшыларымыздың бул тарийхый табысы пүткил халқымызды шексиз қуўанышқа бөледи ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев сайланды команда бас тренери, футболшылар ҳәм пүткил тренерлер штабын сайланды командамыздың қолға киргизген табысы менен қызғын қутлықлап, телефон арқалы оларға ең жақсы тилеклерин билдирди.


Бизлерде өз гезегинде пүткил халқымызды футболшыларымыздың 29 жылда қолға киргизген үлкен табысы менен қутлықлап, жәҳән чемпионатында да жақсы ойынлар көрсетиўине тилеклеслик билдирип қаламыз.

 

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.