Кредит алыў қадаған етилген пуқаралар реестри жүргизиле басланады
421

Усы жылдың март айында “Кредит мәлимлемеси алмасыўы ҳаққында”ғы Өзбекстан нызамына кредит тараўындағы қатнасықларды және де жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген еди.
Бул нызам 6-июньнан күшке киреди ҳәм оған тийкарланып кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслардың реестри жүргизиледи.
Физикалық тәреплер бул реестрге өзлерин ықтыярый түрде киргизиўи яки шығарыўы мүмкин болады.
Пуқаралар кредит алыўдан бас тартыў бойынша арзаларды Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында электрон тәризде яки мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм кредит бюролары арқалы жазба ҳәм электрон түринде тапсырыўы мүмкин,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги