«Заманамыз қаҳарманлары» — жасларды ўатансүйиўшиликке шақыратуғын илаж

75

Диний-ағартыўшылық орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасының 13-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде «Заманымыз қаҳарманлары» атамасында көргизбели илаж болып өтти.


Бул илаж ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери, пуқаралық жәмийети институтлары, абырайлы орайлар, жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери, мектеп оқыўшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерин өзинде жәмледи. Жәми 100 ден аслам жаслар қатнасқан бул илаж, жас әўлад санасында миллий идея, ўатансүйиўшилик ҳәм пидайылық сезимлерин қәлиплестириўге хызмет етти.
Илаж даўамында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер институты Нөкис филиалы директорының илимий ислер бойынша орынбасары Қ.Юсупов ҳәм бир қатар тараў қәнигелери шығып сөйлеп, бүгинги күн қаҳарманлары – Ўатанымыздың раўажланыўы, халықтың тынышлығы ҳәм гүллеп-жаснаўы ушын мүнәсип үлес қосып атырған инсанлар ҳаққында пикир жүргизди. Олар жаслардың санасында уллы ата-бабаларымыздың мийрасын қәдирлеў, миллий қәдириятларға садықлық ҳәм жәмийеттеги унамлы өзгерислерге белсене үлес қосыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Илаж соңында қатнасыўшылар арасында пикир алысыў, сораў-жуўаплар ҳәм дөретиўшилик шығыўлар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, жаслар арасында миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды үгит-нәсиятлайтуғын қосықлар жаңлады, театрластырылған сахналық көринислер қойып берилди.


Бул илаж жаслардың мәнаўиятын арттырыў, оларды экстремизм ҳәм терроризм идеяларынан сақлаў, жәмийетте турақлы диний-ағартыўшылық орталықты қәлиплестириўде әҳмийетли әмелий қәдем болды.

 

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Автордыӊ түсирген сүўретлери