Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай – Монголия коридоры бойлап биринши пилот жүк тасыўы әмелге асырылмақта

214

Мәмлекетимиз исбилерменлери тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди жаңа базарларға алып шығыў, автомобиль транспортында жаңа коридорларда жүк тасыўларын жолға қойыў мақсетинде Транспорт министрлиги Саўда-санаат палатасы менен биргеликте «Өзбекстан- Қырғызстан – Қытай – Монголия»  коридоры бойлап биринши пилот жүк тасыўды шөлкемлестирди.

Қатнасыўшы мәмлекетлер арасындағы нәтийжели бирге ислесиў ҳәм бул транспорт коридорын раўажландырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер нәтийжесинде саўда айланысының өсиўи ҳәм транспорт-логистика қатнасықларының кеңейиўи ушын жаңа перспективалар ашылмақта.

Бул бағдар мәмлекетлер арасында экспорт ҳәм импорт жүк тасыўлары көлемин арттырыўға, саўда қатнасықларының географиясын кеңейтиўге ҳәм товарларды  жеткерип бериў мүддетлерин қысқартыўға хызмет етеди.

Дүнья логистика базарындағы жағдайды инабатқа алғанда, усы коридордың раўажланыўы өзбек миллий тасыўлары ушын өз бизнесин кеңейтиў, нәтийжелиликти  арттырыў ҳәм регионаллық ҳәм глобал дәрежедеги орынларды беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги