Халықаралық билимлендириў орайы Нөкисте шөлкемлестириледи

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине Малайзияның абырайлы ИНТИ Халықаралық университетиниң делегациясы келди. Бул жоқары билимлендириў мәкемеси дүнья рейтингинде 516-орынды ийелеген болып, халықаралық көлемде өзиниң сапалы билимлендириў бағдарламалары менен белгили.
Сырт елли мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Отемуратов рәсмий түрде қабыл етти. Ушырасыў даўамында еки тәреплеме билимлендириў байланысларын кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды жолға қойыў мәселелери додаланды.

ИНТИ университети делегациясы қурамында Халықаралық байланыслар бөлими директоры Чоо Ўоу Онн, IТ факультети деканы, доктор Нариндержит Сингҳ Саўаран Сингҳ ҳәм Экономика ҳәм менеджмент факультети деканы Сити Нурбааяҳ Бинти Дауд қатнасты. Сондай-ақ, ушырасыўда Нөкис қаласындағы Инновациялық технологиялар университетиниң ректоры А.Әзамов та қатнасты.
Сөйлесиў ўақтында Қарақалпақстанда халықаралық билимлендириў орайының жумысын шөлкемлестириў, Инновациялық технологиялар университетине сырт елли студентлерди тартыў, өз-ара илимий ҳәм академиялық алмасыўды күшейтиў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.
Бул сапар етиў регионда жоқары билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жаслар ушын заманагөй билим ҳәм имканиятлар жаратыўда әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы