1300 хожалық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди

Мойнақ районында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған ири жойбар шеңберинде жаңа суў линиясы тартылып атырғаны ҳаққында хабар берилди. 2024-жыл 29-октябрь күни бул жойбарға рәсмий старт берилген еди ҳәм бүгинги күнде қурылыс жумыслары қызғын даўам етпекте.
Жойбарға бола, жаңа суў тармағы арқалы суткасына 5 мың куб метр таза ишимлик суўы жеткерип бериледи. Бул болса 1300 ден аслам шаңарақты турақлы түрде таза суў менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Бул жумысларды қаржыландырыў Азия раўажланыў банкиниң қаржылары есабынан әмелге асырылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы 8,21 миллион АҚШ долларын қурайды.
Суў тармағы «Түйе мойын» суў сақлағышынан басланып, Мойнақ районындағы төмендеги аўыл ҳәм мәҳәллелерди қамтып алады: «Қызылжар» АПЖның Әлий аўылы, «Ҳәким ата» АПЖның Дослық аўылы, «Мәдели» АПЖның Шеге аўылы, «Бозатаў» АПЖның Әмиўдәрья, Қыпшақдәрья ҳәм Таллық аўыллары және «Үшсай» АПЖның Үшсай ҳәм Тоқпақ ата аўыллары. Сондай-ақ, район орайындағы мәкан пуқаралар жыйынлары да жаңа суў тармағы арқалы тәмийинленеди.
Ҳәзирги ўақытта жойбар шеңбериндеги қурылыс-монтажлаў жумыслары барлық АПЖларда ҳәм район орайында жедел түрде әмелге асырылмақта. Жаңа суў линиясы халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў, саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги