Бир топар пуқараларды «Жасорат» медалы менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Өзиниң жанын қәўипке қойып, жоқары ерлик, пидайылық, мәртлик сыяқлы ҳақыйқый адамгершилик пазыйлетлерин айқын көрсеткени, атап айтқанда, Ташкент қаласынан ағып өтетуғын Бөрижар каналында суўға батыў менен байланыслы айрықша ҳәм қыйын жағдайда оператив әмелий жәрдем көрсетип, жас өспирим қызлардың өмирин сақлап қалғаны, сондай-ақ, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып келгени ушын төмендегилер “Жасорат” медалы менен сыйлықлансын:
Мамасалиев Нурмуҳаммад Тохир улы – Ташкент қаласындағы “Бөрижар” спорт комплексиниң жумысшысы
Самиков Абдуманноп Абдинабиевич (марҳум) – Янгийўл районындағы дийқан хожалығының баслығы, Ташкент ўәлаяты
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ