Ақ көкиреги жақсылыққа толы ел

96

Елимиз бойлап…

1

Болмады бир дарқан мәнзил-мәканым,
Зәҳәр-заққым болды ишип-жегеним,
Болмады айтсам да мениң дегеним,
Өлгенше айтарман сөзди халық ушын…

Бердимурат Ғарғабай улы – Бердақ бабаның жүрегинен сорғалап шыққан бул дәртли “аҳ”лар жүреклерден жүреклерге өтип, жаңғырық бергенде өзбеклер ҳәм қарақалпақлардың кеўлинен нелер кешпеди, дейсиз…

Буннан дерлик 200 жыл бурын – 1827-жылы мине усы Мойнақта дүньяға келген шайырдың усы муңлы қосықлары, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 20-август күни қарақалпақ жеринде айтқан мына сөзлерди ядыма түсирди: “Мен Сизлер менен ушырасқанда, Сизиң қызғын қол шаппатлаўларыңызды сағынып емес, Сизлердиң көзлериңиздеги қуўанышты көриўге келдим. Себеби, тарийхтан жақсы белгили, қарақалпақ халқы өтмиште ҳәмме ўақыт қайғы-ҳәсрет, аўыр дәрт пенен күн кеширген…”.

Президент бул сөзлерди бийкарға айтпаған еди. Қарақалпақ халқының өтмишин жақсы билген, дәрт ҳәм тәшўишлерин шын жүректен сезинген адам буны айтыўы мүмкин еди. Ҳәр бир халықтың узақ тарийхы, басып өткен жолы, басынан кеширген ыссы-суўық күнлери бар. Топан суў ҳәм даўыллар ийриминде тапланбаған елат та, миллет те жоқ бул дүньяда. Бирақ ҳеш ким қарақалпақлардай ашшы ызғырықларға гезлеспеген, ҳеш ким қарақалпақтай көз жас төкпеген шығар.

Өтмиши эрамызға шекемги әсирлерге барып тақалатуғын бул халық халық болып қәлиплескеннен баслап, қайғылы демлерге дус келе берди: бир мәнзилде қоныс таппады, “көше-көш”, “қаша-қаш” деген қәўиплер астында өмир сүриўге мәжбүр болды. Арал бойларында балықшылық, шарўашылық пенен тыныш жасап жүрген, дәслепки дереклерде “қара бөрикли”, монғоллар басқыншылығы дәўиринде “қәўми кулоҳи сияҳ” деп аталған қарақалпақларды Шыңғыс ләшкерлери Рус шөллерине айдады.

“Қарақалпақлар бир елде жүз жыл мәкан етпеди, көшип жүрип, көпшилиги жолда өлди…”, деп зарланды ол қара күнлерди еслеген шайыр Бердақ баба.

Бир қанша ўақыт Киев Русы далалары, Едил- Жайық аралықлары, кейин Иртыш жағаларында өмир сүрген қарақалпақлар Алтын Орда қурамында Ноғай ханлығын дүзди. Бирақ, көп өтпей арқадан келген жаўлардың қысымына ушырап, Түркстанға келди. Қазақ ханы Абылқайырханның зорлықларынан кейин Хийўа ханлығы қурамындағы аўыр турмыс, Айдос бий, Бегис Мыржық ҳәм Ерназар Алакөз сыяқлы батырлардың азатлық жолында жан бериўи – булардың ҳәр бири азаплы дәстан, қайғылы бир китап.

Кейин Сарықамыс, Узбой, Сайхун бойларында күн кеширген халық ақырында, жер жүзиниң ярымын айланып-айланып, XVIII әсир орталарында, небир машақатлар менен және Жайҳун жағаларына қайтып келди. Келди ата мәканына. Бирақ көш-көшлер даўылында нешше мыңлаған ул-қызларынан биймезгил айырылған “қара бөриклилердиң” маңлайына тынышлық демлери еле жазылмаған екен: және “қуў-қуў”, “айда-айдап”лар, урыслар, қан төгиспелер…

Сөйлесең тилиң, сөйлемесең жүрегиң күйеди. Патша Россиясы басқыншылығы ҳәм советлер дәўиринде гә Россия, гә Қазақстан қурамына өткерилип-қайтарылған “қәўми кулоҳи сияҳ”лар, ақыр-аяғында Өзбекстан менен бир мәмлекет статусына ийе болғаннан кейин ғана әзелий әрманлары – ана жеринде турақлы жасаў бахтына миясар болды. Тилекке қарсы, бул бахыт та еле шала екен. Жетпис жыллық совет заманы бул елди тек өзлигинен пүткиллей айырып ғана қоймады, ал ашкөз басқыншылардың пахтадан ақ, салыдан сары алтын алыў талўасы, халықты байытыў ҳаққындағы ертеклерге бөленген тонаўшылықлары халыққа қосып жер жүзиндеги үлкен теңизлерден бири болған Арал теңизиниң де басына жетти. Оның шегиниўи, миллион-миллион тонналап зәҳәрли, дузлы шаң-тозаңлардың аспанға көтерилиўи ана тәбияттың көкирегине балта урды, теңиз бойларында жасап атырған елдиң генофондын зәҳәрледи.

“Тыныш Чернобыль” – “Тыныш Чернобыль” деп дүньяға жар салды бул апатшылықтың көлемин сезгенлер.

Басы аўырмағанның қудай менен не иси бар. Басшылар Аралды қутқарыў, өмири теңиз бенен байланыслы болған, теңизди Ана деп улығлаған мийнеткеш елге ғамқорлық етиўдиң орнына оларды Узақ Шығыстың Уссурийск тәреплерге көшириў режесин дүзди.

Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов:

Кәўесет бар: қарақалпақлар

Көп узамай көшер деген …

қатарлары менен басланатуғын қосығында туўысқанларының сынақларға толы аласапыранлы өтмишине, мине енди Арал дәрти де қосылғанын, Өзбекстан аймағының 40 процентин қурайтуғын регион, оның өмир дәреги болған теңиз, мийнеткеш адамлардың өмири пүткиллей қәўип астында қалғанын ашыў менен зарлап жырлады.

Теңиз орнында пайда болған шөллерден көтерилген дузлар Антрактида атаўлары, Гренландия музлықлары, Норвегия тоғайлары, Япония бағларына шекем жетип барған ҳәм Арал апатшылығы дүнья апатшылығына айланып атырған бир ўақытта бурынғы аўқамның исбилерменлери, қарақалпақлардың дәртине дәрман болыўдың орнына, жоқарыда айтып өткенимиздей, оларды өз үйинен айырыў жолларын изледи. Пүткил елдиң келешеги усылайынша ўақыт ҳүкимине таслап қойылды.

2

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин ғана мың жыллық ҳақыйқатлық өз негизине қайтты. Қарақалпақ ели өз жерине, ата мийрас қорғанына ийе болды. Қарақалпақтың дәрти Өзбекстан дәртине айланды, пүткил Өзбекстан халқы бирлесип қанласларының дәртине даўа изледи.

Шавкат Мирзиёев болса еле Президентликке талабан ўақтында-ақ биринши сайлаўалды ушырасыўын әйне усы жерден баслады. Халық пенен ушырасты, жүзбе-жүз сөйлести, қәлбине, дәртине, арзыў-әрманларына қулақ түрди. Негизинде аймақтың қыйын жағдайы бес бармақтай белгили еди оған. Бас министр пайытында аўылма-аўыл жүрген Шавкат Миромонович талабанлық ушырасыўының өзинде сол жыллары регион ушын ең аўыр болған ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў, көмирдиң өзине түсер баҳасын түсириў, халықтың электр энергиясынан пайдаланыўын жақсылаў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин модернизациялаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, пенсионерлерге хызмет көрсетиўди күшейтиў сыяқлы 11 тийкарғы ўазыйпаға итибар қаратты. Усы күннен баслап қарақалпақ диярында басланған реформалардың барлығы турақлы қадағалаўға алынды.

Мәмлекет басшысының меҳир-муҳаббаты, ўатанды сүйиўшилиги, елди сүйиўшилиги мың-мыңлап кеўиллерде ийеменлик сезимлерин тутандырды, билеклерге күш, жүреклерге қүдирет бағышлады. Халық жәмлести – күш болды, жап-салмалар тутасып – дәрья болды. Тоқпағы күшлиниң шегеси тасқа киреди, деген шығыс даналығының қаншелли ҳақ екени көп өтпей өз нәтийжесин көрсетти – исеним менен егилген нәллер шийрин-шекер мийўелер менен дастурқанларды толтырды. Машқалалар бирим-бирим сапластырылып, аўылларға гөззаллық, көшелерге бәҳәр самаллары кирди. Қоймаханаларда дән, дастурханларда нан көбейди. Экономика өсти, санаат, қурылыс, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, туризм тараўлары қанат жайды. Уллы жолға түскен үлкен кәрўан қоңыраўлары шексиз шөллерди, далаларды өмир жырына толтырды.

Усы дәўирде, яғный соңғы 7-8 жыл ишинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақ үлкесин көтериўге байланыслы 14 пәрман ҳәм қарары, Ҳүкиметтиң 25 қарар ҳәм бийлиги қабыл етилди. Бул тарийхый ҳүжжетлер аймақ халықларының турмыс тәризин жақсылаў, жасаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, экономиканы беккемлеў, дәраматты арттырыў, аўыл хожалығы, билимлендириў, медицина, спорт, мәденият тараўларын раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратты.

3

Бурын санаат өнимлери дерлик ислеп шығарылмаған аймақта металлургия комбинаты, нефть-химия заводы комплекслери пайда болды, қурылыс материаллары, энергия ресурслары ҳәм басқа кәрханалар избе-из иске түсирилди. Санааттың кирип келиўи себепли алдынлары көрсеткиши ең төмен болған 6 районда өндирис 2-3 есеге көбейди. Усындай районлар арасында көш басында еди, Кегейли. Бурын улыўма санаат болмаған бул районда шын кеўилден исленген ҳәрекетлер ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў нәтийжесинде үш ири жойбар өзлестирилди. “Ақтуба текстиль” солардың бири еди. Жылына үш миллион данадан аслам трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болған кәрхана жумысшылары енди 6 миллион долларлық өнимди экспорт етиў мақсетинде жумысқа кирисип кетти. Кәрхана үскенелериниң ҳәммеси Германия, Япония, Түркия сыяқлы мәмлекетлерден алып келинип орнатылған ең заманагөй үскенелер еди.

Және бир ибратлы тәрепи – кәрхананың өзинде жасларды кәсип өнерге қайта таярлайтуғын оқыў орайы шөлкемлестирилди. Онда аўыллардағы кәсипке қызығыўшы жумыссыз жигит-қызлар маманлығын арттырды, кәсип-өнер ийеледи.

Әлбетте, табыслар қуўанышлы еди. Бирақ Президентимиз олардан қанаатланбады, қарақалпақ халқының дастурханы және де мол болыўына тийкар болатуғын жаңа басламалар изледи. Усы тәризде Қарақалпақстандағы 450 ден аслам мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылды.

Бир мәҳәллеге 500 миллион! Бир ғана усы сан имканиятларын таллаған адам, егер бул пуллар дурыс жумсалса, қаншадан-қанша кәмбағал шаңарақ аўыр жағдайдан шығыўы, қанша жумыссызлар жумыслы, қанша шаңарақлар болса киши-киши исбилерменлик пенен шуғылланыў имканиятына ийе болатуғынын түсинеди. 450 ден аслам мәҳәллениң ҳәр биринде, ҳәттеки, он адамнан жумыслы болғанда да неше мың адамның қазаны қайнайды.

Президент тәрепинен және бир баслама – кадастры жоқ жайлар тилге алынғанда көпшилик орнынан турып кетти. Қарақалпақстанда 38 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлк кадастрға алынбаған екен. Мәмлекет басшысы тараў жуўапкерлерине бул мәселени жедел түрде орынлаў ўазыйпасын тапсырды.

Улыўма, турақ жай машқаласы Қарақалпақстан ушын да оғада әҳмийетли есапланады. Сол жылдың өзинде 4 мың турақ жайдың қурылысы ҳәм оған қосымша түрде заманагөй жойбар тийкарында және 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотыхтан жер ажыратылатуғыны халыққа өзгеше қуўаныш ҳәм кейпият бағышлады.

Әмелге асырылып атырған жумыслардың көлеми қаншелли үлкен болмасын, бәри бир, Президенттиң кеўли толмайтуғын еди. 2018-жылдың басында мәмлекетимиз басшысы және қарақалпақ журтына жол алды. Бердақ бабаның киндик қаны тамған мәкан Мойнаққа барды. Мойнақтан тап Арал сыяқлы тек аты ғана қалған еди сол ўақытлары: берекети кеткен, кәрханалар тоқтаған, инфраструктура изден шыққан, жумыссызлық ҳәм ертеңги күнге үмитсизлик ҳәммениң диңкесин қурытқан…

Президент мойнақлы жасы үлкенлер, мәҳәлле баслықлары, жаслар менен ушырасып, мәсләҳәтлести. Арал теңизиниң қурыған жерине барып, жағдайды және бир мәрте көрди, таллады.

Бир ўақытлары мың-мыңлаған адамлар абадан турмыс кеширген, тонналап балық аўланған, теңиз ҳәм оған тутас жайлаўларда қой-қозылар жайылып жүрген, қуслардың сайраўы, жаслардың қосықлары жаңлап турған мәнзилдиң бундай аянышлы жағдайын көриў, оның келешегин көз алдына келтириў оғада аўыр ҳәм ашынарлы еди.

Мәмлекетимиз басшысы жағдайды терең баҳалап, бул қорқынышлы машқаланы ақылға уғрас шешиў жолларын терең ойлады. Әлбетте, усы ўақытқа шекем де бул апатшылықты сапластырыўға байланыслы халықаралық режелер, илимий стратегиялар, ҳәр қыйлы қорлар бар еди. Аралды қутқарыў шөлкемлериниң жумысы тоқтап қалған жоқ, тек нәтийжесинен дерек жоқ еди. Президент жаңа стратегия усыныс етти: Аралдың қурып қалған бөлегине өсимликлер егип, дузлы, зәҳәрли шаңды тоқтатыў, оның орнына жасыл экономиканы шөлкемлестириў керек. Елбасшы буннан басқа илаж жоқ екенлигин ҳәр тәреплеме илимий тийкарлап берди. Дүнья жәмийетшилиги бул пикирди адамзат тарийхындағы данышпанлықтың және бир көриниси сыпатында баҳалады.

Аралбойы аймағын адамларға ырысқы-несийбе қазанын қайнататуғын, жумыс ҳәм дәрамат дәрегине айландыратуғын мәканға айландырыў жумыслары мине усы тәризде жаңадан баслап жиберилди. Пүткил Өзбекстан аяққа турды, пүткил Өзбекстан Арал бойларын абат етиўге шын кеўилден бел байлады. Қарақалпақстан Республикасының барлық район ҳәм қалалары белгили бир ўәлаятларға бириктирилди. Бәринен бурын, әтирапты, таза ҳаўаны тазалаў, теңиздиң қурыған ултанынан көтерилип атырған миллион-миллион тонна шаң ҳәм зәҳәрли дузларды азайтыў керек еди. Усы мақсетте шорға шыдамлы өсимликлер егиўге кирисилди. Ел бирлессе, таўды талқан, шөлди бостан етеди. Арал жағалаўларында өмир қайнады, мыңлаған адамлар бел, кетпен көтерди, жүзлеген тракторлар гүрилдеп жер сүрди, самолётлар аспаннан туқым септи. Алдынғы 40 жыллар даўамында Аралдың қурыған ултанына тек ғана 400 мың гектар жерге сексеўил егилген болса, әне-мине дегенде теңиздиң суўы қурыған 2 миллион гектардан аслам бөлегине сексеўил, қарабарақ, қандым, черкез сыяқлы шөл өсимликлери егилип, тоғайзарлықлар пайда етилди.

Президент бул ўақытта Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясы сессияларында шығып сөйледи, халықаралық саммитлерде әҳмийетли усынысларды алға қойды. Дүнья халқын және ҳәм және Арал апатшылығы ҳәм бул апатшылықтың алдын алыўға қаратты. Усы тәризде Арал машқаласына қарсы гүресиўде дүньядағы барлық мәмлекетлердиң бирлигин шөлкемлестиретуғын Траст фондына тийкар салынды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми болса “Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында”ғы резолюциясын қабыл етти. Регионда турмыс дәрежесин нормаға келтириў – саламатлықты тиклеў, дуз ҳәм қум көшиўиниң алдын алыў, жасыл аймақлар жаратыў мақсетинде 14 миллион доллардан аслам қаржы ажыратылды.

Аралбойының флора ҳәм фаунасын жақсылаў бойынша миллий бағдарламаның ислеп шығылыўы да Президент басламасы еди.

Халықтың жойтылып баратырған үмитлери тикленди.

Мәмлекет басшысының “Мәденият Мойнақтан басланады!” деген сөзлери болса Үстирт кеңликлери, саҳра ҳәм аўыллар арқалы пүткил Өзбекстан бойлап жаңлады ҳәм Сурхандәрья ҳәм Самарқанд, Бухара ҳәм Ферғана, Сырдәрья ҳәм Ташкент – ҳәмме жерде бирдей жаңлады. Бухара ўәлаяты исбилерменлери Хожели, хорезмлилер Шоманай, самарқандлылар Нөкис, сырдәрьялылар Қанлыкөл районларында бағлар, жүзимзарлар, ықшам ыссыханалар шөлкемлестирди. Қалған районларда оннан да салмақлы жойбарлар орынланды. Соның ишинде, қарамал, қой ҳәм ешкилерди көбейтиў, қусшылық, қояншылық ҳәм пал ҳәррешиликти раўажландырыў жолға қойылды. Оның ушын шаңарақларға қой ҳәм ешкилер, қоянлар ҳәм пал ҳәррелер тарқатылды. Жүз мыңлаған гектар майданларда “Жасыл қапламалар” жаратылды. Улыўма, ўәлаятлар тәрепинен аймақта улыўма баҳасы 524 миллион доллар болған 318 жаңа инвестициялық жойбар ислеп шығылды. Усы тәризде ел абат болды, 20 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.

4

2022-жыл. 23-февраль. Сол күни Ташкенттен көтерилген биринши санлы борт, яғный Президент ушқан самолёт, Нөкистен саррас 200 километр узақлықтағы Мойнақ аэропортына келип қонды. Аэропорт түўе жалғыз аяқ жоллары да қумға көмилип, жоқ болып кеткен орынлар ҳақыйқый байрам кейпиятына толды. “Мен биринши келгенимде “Мәденият Мойнақтан басланады” деген едим. Сондай болып атыр. Мине усы аэропорт та буған мысал. Енди Ташкент – Мойнақ – Нөкис авиақатнаўы жолға қойылады”, деп мойнақлылардың кеўлине қызғын руўх бағышлады мәмлекет басшысы.

Тек ғана мәденият емес, ал Жаңа Қарақалпақстан да, мине усы Мойнақтан басланбақта, деп мәмлекетимиз басшысының сөзлерин қоллап-қуўатлады қарақалпақлар.

Белгили шайыр Ибрайым Юсупов жерлеслериң қуўанышына шерик болды: “Дүньяда 30-40 миллионлап халқы бар миллетлер, елатлар бар. Олардың ели де, ерки де жоқ, басында желбиреп турған байрағы да жоқ. Қарақалпақ усы мәниде бахты жүрген халық. Тек ғана 2 миллионға жақын халқы бар, бирақ ерки бар, өз байрағы, гимни бар…” деп көкирегин керип қосықлар айтты.

Бүгин Қарақалпақ диярында 2 миллион 300 мыңға шамалас халық жасамақта. Ең әҳмийетлиси, халықтың тийкарғы бөлеги турақлы жумыс пенен бәнт. Жумыссызлық дәрежеси 5,8 процент әтирапында.

Мәмлекет күннен-күнге өсип, раўажланып бармақта. Тек ғана өткен 2024-жылдың өзинде инвестициялық бағдарлама шеңберинде 252 объектте 886 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды. 118 жаңа объект пайдаланыўға тапсырылды. Олардың 37 си мектеп, 23 и бақша, 6 сы денсаўлықты сақлаў, 5 ўи спорт, 2 ўи мәденият, 17 си ишимлик суўы, 23 и ирригация ҳәм мелиорация, 23 и автомобиль жоллары, 15 и басқа тараў объектлери болып есапланады.

5

Алға қойылған шеклер, режелер болса және де үлкен. Келеси бес жылда 200 мың гектар жайлаўды қайта тиклеў ҳәм өнимдарлықты арттырыў илажлары көриледи, шарўашылықты раўажландырыў қоры шөлкемлестирилип, 5 процентлик кредит ажыратыў системасы жолға қойылады. Ҳәр бир районда 200 мың бас қус ҳәм 100 гектардан балық хожалықлары шөлкемлестириледи, усы тәризде гөш, сүт, мәйек ҳәм балық жетистириў көлеми 2 есеге көбейеди.

Сондай-ақ, кеминде 760 мың гектар жер майданлары қайта пайдаланыўға киргизилип, Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл, Хожели, Елликқала ҳәм Нөкис районларында қосымша интенсив бағ ҳәм жүзим бағлары жаратылады. Халықтың қыйтақ жерлеринде суў тәмийнатын жақсылаў арқалы 12 мың пуқараның бәнтлиги мәселеси унамлы шешим табады.

Тәлим-тәрбияға айрықша итибар қаратылып, балалардың мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 71 проценттен 87 процентке жеткериледи. Жаңадан 40 мәмлекетлик ҳәм жеке меншик, 525 шаңарақлық бақша шөлкемлестириледи, 73 мәмлекетлик бақша реконструкцияланады ҳәм және 40 мың баланың бақшаға барыў имканияты жаратылады.

Усы жерде Өзбекстанда баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў системасы Қарақалпақстан мектеплеринен басланғанын мақтаныш пенен атап өтиў керек. Бул жерде 2022-оқыў жылынан баслап 1-4 баслаўыш класс оқыўшылары ушын бийпул түслик бериў жолға қойылған. Буның ушын ҳәр жылы мәмлекетлик бюджеттен 100 миллиард сум қаржы ажыратылады.

Енди мына санларға итибар бериң. 2017-2024-жылларда “Бир қәдем” принципи тийкарында аймақта 74 шаңарақлық шыпакерлик пункти, 81 шаңарақлық поликлиника, 92 МТП шөлкемлестирилди. Қәнигелестирилген орайлардың аймақлық филиалларында 150 түрдеги жаңа технологиялар иске қосылды. Жылына 4500 наўқасқа узақ жол жүрип Ташкент яки сырт елде емес, Қарақалпақстанның өзинде жоқары технологиялық жәрдем алыў имканияты жаратылды.

Буннан тысқары, 2022-2026-жыллар даўамында аймақты раўажландырыў ушын 43 триллион сум қаржы ажыратылады. Соның ишинде, бюджеттен – 10 триллион сум, халықаралық финанс шөлкемлеринен 19 триллион сум, банк кредитлеринен 14 триллион сум. Нәтийжеде жалпы аймақлық өним көлеми ҳәм санаат өнимлери 1,5 есеге, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 1,2 есеге, хызметлер көлеми 2,9 есеге, қурылыс жумысларының көлеми 1,4 есеге артады.

Неше мың жыллық тарийхқа ийе Қарақалпақ аймағы туризмди раўажландырыў ушын қаншелли кең имканиятларға ийе екенин айтыўға зәрүрлик болмаса керек. Аймақта 94 мәдений мийрас, 35 зыярат етиў орны, 12 музей, 24 театр бар.

2024-жылы бул жерге 200 мың 700 сырт елли ҳәм 2 миллион 240 мың ишки турист келди. Туризм-саяхат хызметлери экспортының көлеми 30,83 миллион АҚШ долларын қурады.

Усы жылы туристлер санын 3 миллионға жеткериў, туристлик хызметлер экспортын 50 миллион АҚШ долларына алып шығыў режелестирилген.

6

Ҳақылы сораў туўылады. Қарақалпақстан тек 7-8 жыл ишинде қалайынша 70-80 жыллық жетискенликлерге еристи? Жуўап биреў: әдалатлы ҳәм узақты гөзлеп әмелге асырылып атырған ақыллы сиясат себепли! Аймақтағы барлық реформалар, әлбетте, мәмлекет басшысының халқына, ана Ўатанына болған шексиз муҳаббаты себепли әмелге аспақта. Себеби, Шавкат Мирзиёев ҳәкимиятқа келгеннен соң, 8 жыл ишинде Қарақалпақ диярына 20 мәрте келди.

Ҳәр бир сапар етиўлерде онлаған, жүзлеген жаңа булақлар көз ашты. Ҳәр бир сапар етиўден соң салмақлы “Жол карталары” тастыйықланды, ўазыйпалар белгиленди, орынланыўы тәмийинленди.

Усы жерде жақын арада әмелге асырылатуғын жойбарлардың айырымларына және бир мәрте нәзер таслайық:

Жақын бес жылда халықтың ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 68 проценттен 89,7 процентке көтериледи. Буның ушын 3,2 мың километр ишимлик суў тармақлары, 177 суў объекти қурылады ҳәм оңланады. 250 мәҳәлледеги 300 мың шаңарақ халқы таза ишимлик суўынан пайдаланады. Алыс аймақлардағы аўыллар, бақша, мектеп ҳәм емлеўханаларға шор суўды таза ишимлик суўға айландырып беретуғын мың үскене орнатылады. Азия раўажланыў банкиниң қаржылары есабынан усы жылдың ақырына шекем 1 279 километр ишимлик суў тармақлары ҳәм 27 суў объекти қурылады.

Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Қоңырат районларында ыссылық тәмийнаты системасын модернизациялаў ушын 350 миллиард сумлық жойбарлар әмелге асырылып, мыңнан аслам көп қабатлы турақ жайлар орайласқан ҳәм индивидуал ыссылық тәмийнатына жалғанады.

Және де 4 974 километр электр тармағы жаңадан қурылады ҳәм реконструкцияланады, 1,4 мыңға шамалас трансформатор ҳәм подстанция жаңаланады. 557 километрлик газ тармақлары оңланды.

Халықты арзан турақ жай менен тәмийинлеў ушын 20,3 мың квартиралы 709 көп қабатлы (алдынғы жылларға салыстырғанда дерлик 2 есеге көп), ипотека кредитлери есабынан 2,5 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурылады. Өткен жылдың өзинде 2 734 квартиралы 71 турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.

Сондай-ақ, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында “Ғузар – Бухара – Нөкис – Бейнеў” автомобиль жолының 232 километрлик бөлеги цемент-бетон қапламасы менен реконструкцияланды.

Аралдың қурыған аймағында және 1 миллион гектарлық тоғайлық ҳәм путазарлықлар жаратылады. Нөкис қаласы әтирапындағы “жасыл белбеў” майданы 200 гектарға кеңейтиледи. Қала ҳәм районлардың орайында жәми 362 гектар, Нөкис қаласы ҳәм район орайларында 70 гектар жәмийетлик парклер, жасыл майданлар шөлкемлестириледи.

Исбилерменликти раўажландырыў арқалы 100 мың жаңа жумыс орны жаратылып, 2022-2026-жылларда 60 триллион сумлық (алдынғы жылларға салыстырғанда дерлик 5 есеге көп) жәми 2 352 инвестициялық жойбар әмелге асырылады. 45 киши санаат зонасы шөлкемлестирилип, бул санаат зоналарында баҳасы 3 триллион сумнан аслам жойбарлар әмелге асырылыўы нәтийжесинде дерлик 25 мың жаңа жумыс орны пайда болады. Кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты қысқартыў, халықтың дәраматын арттырыў ушын келеси бес жылда 238 мыңнан аслам турақлы жумыс орынлары жаратылады.

Бул тартымлы санларды қағазға мөрлеп атырып, ерксиз дана шайыр Ибрайым Юсуповтың мына қатарлары ядыма түсти:

Жақсы сөзге жан семирер деген бар,
Хошеметке ҳәр ким ҳәўес өзинше.
Сондадағы өтинемен, адамлар,
Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше…

Дурыс гәп. Қарақалпақ халқы артықша мақтаўды жақтырмайды. Бирақ бүгин аймақта алып барылып атырған шексиз жумысларды мақтамаў, оларды алғысламаў мүмкин емес ғой, әлбетте!

Арал теңизиниң суўы азайған болса да, тәбият бул шексиз жер баўырындағы басқа да байлықларды халқымызға мол-молақай етип саўға етпекте. Регионда табылып атырған ҳәм иске қосылып атырған тәбийий байлықлар, кәнлер буның тастыйығы болып есапланады.

7

Қарақалпақстан картасына қарасаңыз, еки үлкен саҳра – Қарақум ҳәм Қызылқум ортасында жайласқан аймақтың әтирапында Барсакелмес, Қумбасқан, Қойқырылған, Қанлыкөл деген атамалар менен аталған жерлерге көзиңиз түседи. Бул атамалар өтмиштеги аўыр апатларды еслетип турады, дейди Бердақ баба қосықларының биринде.

Қайғыға араласқан өтмиш енди тарийхтың сарғайған бетлеринде қалды. Алдында болса нурлы, жарық жоллар…

Мәмлекеттиң жарқын келешеги мине усы жоллардың шексиз қушақларында нурланып жатыр. Кейинги бес жылда 13 триллион 300 миллиард сумлық инвестиция өзлестирилгени, соның 2 миллиард 400 миллион доллары сырт ел инвестициясы екени бул елдиң ертеңги күни қаншелли айдын екенинен дәрек береди. Бул жоллардан әтирапқа қарасаңыз, әпсанаўий көринислерге гүўа боласыз: бир тәрепинде Орайлық Азияда бирден-бир болған Қоңырат сода заводы, бир тәрепинде санаатымыз локомотивине айланған, баҳасы 4 миллиард доллардан аслам Үстирт газ-химия комплекси, бир тәрепинде Гиннестиң китабынан орын алған, дүньяда теңи жоқ қарақалпақтың қара үйи, бир қапталда…

Ерксиз ойға таласыз, алымлар 100 томнан ибарат “Қарақалпақ фольклоры”н басып шығарды. 7-8 жылда ерисилген жетискенликлер, егер олар китап етилсе, жүзлеген томларға сыяр ма екен?

Соңғы жыллары илимий мәкемелер ҳәм жоқары оқыў орынларында әмелге асырылып атырған фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер, “Саҳрадағы Лувр” деп даңқ таратқан И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде алып барылып атырған жумыслар… Булар қалай сыяды екен китаплар қушағына.

Ямаса аймақтың Хорезм менен тутас аймағы – Беруний районында Саудия Арабстанының “ASWA Power” компаниясы менен биргеликте қурылып атырған самал электр станциясы. Қайсы дәстанға сыяды оның тәрийпи?

– Қарақалпақ инсанлары мийнеткеш, жери бай. Енди самаллары да экономикаға пайда келтиреди. Егер биз үлкен-үлкен кәрханалар қурамыз, десек, шериклеримиз, бәринен бурын, “Энергетикаң бар ма, жолың бар ма, инфраструктураң бар ма?” деп сорайды. Бул жерде қуўатлылығы 100 мегаватт болған самал электр станциясының қурылысы аймақ экономикасына қосымша күш, тийкар болады, – дейди мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев. – Келеси бес жылда бул аймақта қуўатлылығы дерлик 1 мың 800 мегаватт болған 3 самал станциясы иске қосылады.

Солай. Қарақалпақстан барлық тараўларда, көркемлеп айтқанда, арысландай жеделлик пенен алға бармақта. Мәмлекетимиз басшысы үлкен мақтаныш пенен атап өткениндей: “Қарақалпақстан тәғдири – бул Өзбекстанның тәғдири, қарақалпақ халқының бахты ҳәм абаданлығы – бул пүткил Өзбекстан халқының бахты ҳәм абаданлығы болып есапланады.

Бизиң уллы ҳәм ийгиликли мақсетимиз – биргеликтеги пидайы мийнетимиз бенен Жаңа Өзбекстан қурамында Жаңа Қарақалпақстанды қурыў болып табылады”. Елбасшымыздың бул сөзлери турмыслық ҳақыйқат екенин ўақыт деген әдил төреши айна мысалында көрсетип тур.

Бүгин егер Бердақ шайыр тири болғанда еди, бир заманлардағыдай:

Шайыр едим, көзим көргенин жаздым,

Көкирегимниң сезип, билгенин жаздым,

Заман қысметинен сарғайдым, аздым,

Болар ма, деп, жақты күнлер халық ушын, –

деп қан жыламаған, керисинше, елиндеги өзгерислер қасында таңланып, шайыр баласы Ибрайым Юсупов сыяқлы:

Мийнет десе жең түринген палўандай,
Арбаға таў тийе десең тийеген.
Дослық десе жулдыз таўып алғандай,
Халқымның ақ көкирегин сүйемен! – деп даўыслаған болар еди.

 

Абдусаид Кўчимов,

Өзбекстан Республикасында

хызмет көрсеткен жаслар устазы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги