Нөкис қаласында жаңа музқаймақ ислеп шығарыў жойбары иске түсти

Нөкис қаласында киши бизнести қоллап-қуўатлаў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде гезектеги әҳмийетли жойбар әмелге асырылды. «Ювента Нукус» ЖШЖ тәрепинен улыўма баҳасы 20,6 миллиард сумды қурайтуғын сүт өнимлеринен музқаймақ ислеп шығарыў жойбары иске қосылды.
Бул жойбар, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген 213-санлы пәрманы тийкарында жеңиллетилген кредит қаржылары есабынан қаржыландырылды. Усы тийкарда кәрханада жылына 672 тонна таяр өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе заманагөй технологиялар орнатылды.
Ең әҳмийетлиси, усы жойбар шеңберинде 23 пуқара турақлы жумыс орны менен тәмийинленип, олардың шаңарақлары дәрамат дәрегине ҳәм турақлы турмысқа ийе болды.
Бундай жойбарлар тек ғана жергиликли экономикаға унамлы тәсир көрсетип қоймастан, ал Қарақалпақстанда өндирис потенциалын арттырыў, жаслар ҳәм қәнигелер ушын жаңа имканиятлар жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги