Балаларға байрам саўғалары
191

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы мүнәсибети менен Тақыятас районындағы «Балалар үйи» тәрбияланыўшыларынан хабар алынып, қайырқомлық илажы шөлкемлестирилди.
Онда Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Ж.Аяпов қатнасып, бирлескен комитет тәрепиннен таярланған балалар ушын ҳәр турдеги ойыншықлар ҳәм санитариялық-гигиеналық қураллары, байрам саўғалары тапсырылды.
Зияда Турғанбаева,
ҚМУ журналистика тәлим бағдары 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги