Сенатта Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Олий Мажлис Сенатында өз хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң перзентлери менен ушырасыў өткерилди.
Онда сенаторлар, тийисли министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, «SOS – Өзбекстан балалар мәҳәллелери» ассоциациясының тәрбияланыўшылары, Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери де қатнасты.
Миллий нызамшылығымызда бала ҳуқықлары менен байланыслы болған нызам ҳүжжетлериниң саны 40тан, нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң саны 500 ден аслам. Соның ишинде, «Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилген.

Реформалар нәтийжесинде 23 Меҳрийбанлық мәкемеси ҳәм Балалар үйи жумысы сапластырылды. Бул бағдарда баланың шаңарақ орталығында тәрбияланыўын тәмийинлеўге қаратылған социаллық қорғаў системасы жолға қойылды.

Илажда Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер ҳәм Айрықша жағдайлар министрлигиниң өз хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында өмирин бағышлаған әскерлериниң перзентлери менен қызғын пикирлесиў өткерилди. Ҳәр бир бала мәмлекет қорғаўында, оның билим алыўы, денсаўлығы, турмыс сапасы бәрқулла итибарда екени атап өтилди.
Бул арқалы ең муқаддес қәдириятлардан бири – Ўатанға садықлық жолында жанын қурбан еткен пидайылардың естелигин қәдирлеў ҳәм олардың әўладларына меҳир көрсетиў дәстүри және бир мәрте өз дәлилин тапты.

Илаж даўамында Сенат Баслығы балалар менен қызғын сәўбетлести. Балаларға мүрәжат етип, “Сизлер елимиздиң ертеңги күни, келешегимиз ийелери есапланасыз. Билим алыўды тоқтатпаң, жаңалықларды үйрениң, өз үстиңизде ислең. Әрман етиўден қорықпаң ҳәм оған ерисиў жолында алға умтылың, сонда, әлбетте, мақсетиңизге жетесиз», деп атап өтти.
Илаж жуўмағында балаларымыз байрам дастурханына мирәт етилди ҳәм оларға естелик саўғалары тапсырылды.
Н.Абдураимова, ӨзА