Дереклерден дурыс пайдаланыўдың заманагөй усыллары үйретилди

232

Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (МҒКА) тәрепинен еки күнлик семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Оған республикамыздағы ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналистлер, мәкемелер менен шөлкемлердиң ҳәм жоқары оқыў орынларының мәлимлеме хызметлериниң басшылары қатнасты.

МҒКА Санлы саўатлылық ҳәм медиа билимлендириўди раўажландырыў бөлиминиң жуўапкерлери Тоҳир Умаров ҳәм Рауф Садиковлар жаслар менен ушырасыў ҳәм ғалаба хабар қураллары және медиа жуўапкерлери ушын өткерилген семинар-тренингте мәлимлемелерден пайдаланыўда сын көзқарастан пикирлеўди раўажландырыў, аудитория менен ислесиў, исенимли ресурсларды ажыратыў, фейк хабарлар ҳәм дезинформациялардың тарқалыўына жол қоймаў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша презентация иследи.

Сондай-ақ, «Заманагөй журналистиканы раўажландырыў орайы» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми жуўапкерлери де тренингте қызықлы сораў-жуўаплар, ойынлар менен қатнасыўшылардың медиа саўатлылығын арттырыў бойынша сабақ өтти.

Еслетип өтемиз, МҒКА ҳәм “Заманагөй журналистиканы раўажландырыў орайы” шөлкеми менен биргеликтеги ушырасыў ҳәм тренинглер республика бойлап өткерилиўи нәзерде тутылған.

Шынында да, ҳәзирги ўақытта мәлимлеме ағымлары, әсиресе социаллық тармақлардағы хабарлар барған сайын күшейип, соның ишинде жалған хабарлар жәмийеттиң санасына басым өткермекте. Усындай ўақытта журналистиканың жуўапкершилиги де артып, ҳәммемизди сергекликке, әтирапқа сергек көз бенен қараўға шақырмақта. Ҳақыйқатында да санамызды, пүткил денемизди орап алған хабарлар ағымынан қайсысы дурыс ҳәм қайсысы жалған, қайсысы пайдалы ҳәм қайсысы зыян екенин анықлап алыў дәрежесиндеги көнликпеге ийе болыўымызды бүгинги жағдайдың өзи ортаға қоймақта.

Семинар-тренинг даўамында усындай жалған хабарларды анықлаў усыллары, сүўретлерди анықлаў, текст таярлаў ушын жасалма интеллекттен пайдаланыў жоллары ҳәм басқа да пайдалы сайтлар бойынша кең түрде мағлыўматлар берилип, әмелий сабақлар менен қосып алып барылды.





Илаж соңында барлық қатнасыўшыларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги