Мүбәрек Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында

245

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халқымызға тән мийрим-шәпәәт, адамгершилик, шүкиршилик, сақаўат ҳәм кеңпейиллик сыяқлы жақсы пазыйлетлердиң тымсалы болған, әсирлер даўамында руўхый турмысымызда әҳмийетли орын ийелеп киятырған мүбәрек Қурбан ҳайытының әҳмийети Жаңа Өзбекстанда социаллық мәмлекет қурыў процесслери шешиўши басқышқа кирип атырған бүгинги шараятта барған сайын артып атырғанын есапқа алып ҳәм усы қутлы әййямды ҳәр тәреплеме мүнәсип күтип алыў ҳәм өткериў, сондай-ақ, миллий-диний қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде қарар етемен:

  1. 2025-жылы мүбәрек Қурбан ҳайытының биринши күни 6-июнь- жума күнине туўра келиўи ҳаққында Өзбекстан мусылманлары басқармасының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилип, мәмлекетимизде 6-июнь Қурбан ҳайыты сыпатында кеңнен белгиленсин.
  2. Халықтың Қурбан хайыты байрамын мүнәсип өткериў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде 2025-жылы 7-июнь (шемби) күни алты күнлик жумыс ҳәптеси тәртиби бойынша ислейтуғын хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни етип белгиленсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мәҳәллери ассоциациясы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм басқа бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте аймақларда Қурбан ҳайытын халқымыздың миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлерине сәйкес түрде өткериў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын.
  4. Туризм комитети Транспорт министрлиги менен биргеликте ўатанласларымыз ушын Қурбан ҳайыты күнлеринде муқаддес зыярат орынлары ҳәм тарийхый орынларға зыяратларды шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараят ҳәм имканиятлар жаратсын.
  5. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н. Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қ Давлетовқа жүкленсин.

 

       Өзбекстан Республикасы

       Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2025 -жыл  30-май