Балалар қуўанышқа бөленди

«1-июнь – халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленип өтилди.
Байрам мүнәсбети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев Хожели районындағы шаңарақлық балалар үйлерине барып, бул жерлерде тәрбияланып атырған балаларды байрам менен қызғын қутлықлады.
Бүгинги күни елимизде Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккемлениўи ҳәм жетик инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылып атырғанын айтып өтиў орынлы. Онда «Ҳәр бир бала меҳир ҳәм итибарға ылайық» деген ийгиликли идея тийкарында республикамыздың барлық аймақларындағы балаларға итибар қаратылып атыр.
Өз гезегинде жаратылып атырған бундай шараятлар перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме билимли, озық ойлы болып камалға келиўинде беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги