Илаж балалар ушын ҳақыйқый қуўанышқа айланды

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Төрткүл районында үлкен байрам илажы шөлкемлестирилди. Илаж Төрткүл районы Музыка ҳәм көркем өнер мектебинде өткерилип, балалар ушын ҳақыйқый қуўанышқа айланды.
Салтанатлы илажда район ҳәкиминиң орынбасары У.Аллабергенов шығып сөйлеп, байрам қатнасыўшыларын қутлықлады. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ғәрезсиз Өзбекстанда балалар ҳәм жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар – билимлендириў, көркем өнер ҳәм спорт тараўларындағы қолайлы шараятларға кең түрде тоқтап ҳәр бир бала мәмлекет ҳәм жәмийет итибарында екенин атап өтти,-деп мағлыўмат береди Төрткүл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Илажда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты Ж.Сеттиев қатнасып, балаларға өзиниң жақсы тилеклерин билдирди.
Концерт бағдарламасы, аяқ ойынлар ҳәм қосықлар, балалар тәрепинен таярланған шығыўлар байрамға қуўаныш ҳәм заўық бағышлады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги