Аружан Камалова – «WTT Youth Contender Tashkent-2025» турнири жеңимпазы

420

Ташкент қаласында өткерилип атырған «WTT Youth Contender Tashkent-2025» халықаралық теннис турниринде түрли мәмлекетлерден келген жас теннисшилер өз шеберликлерин көрсетпекте.

Жоқары дәрежеде өтип атырған бул жарыстың U17 жас категориясында қызлар арасында өткерилген жеке беллесиўлерде сайланды командамыз ағзасы Аружан Камалова алтын медальды қолға киргизди. Сондай-ақ, және бир ўәкилимиз Аделина Ҳасанова усы жас категориясында бронза медалын қолға киргизди. Турнирдиң гүмис ҳәм бронза медальлары Сетайеш Илухани (Иран) ҳәм Наиша Реваскарға (Ҳиндстан) несип етти.

Ер балалар арасында жеке гүреслерде Диёрбек Дилшодов бронза медалы менен сыйлықланды. Бул категорияда иранлы Бинямин Фаражи ҳәм Аршия Лорестани биринши ҳәм екинши орынларды ийелеген болса, түркменстанлы Ильяс Алланазаров үшинши орын болды.

U13 жас категориясында Ҳиндстан сайланды командасы ағзалары Дания Годил, Танишка Калбхайрав минбердиң 1-2-текшелеринен орын алды. Бронза медальлары болса ўатанласларымыз Элеонора Шириева ҳәм Жания Бекмуҳамбетоваға несип етти.

Сондай-ақ, Ҳусан Искандаров 13 жасқа шекемги ул балалар арасында бронза медалын қолға киргизди. Бул бағдарда Юсуф Ҳанифа (Саудия Арабстаны) жеңимпаз болды. Нассер Алмарри (БАӘ) ҳәм Муҳаммад Алмусайеби (БАӘ) 2-3-орынларда дизимге алынды.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА