Қытайдың жеке меншик компаниясы көп мәрте пайдаланылатуғын ракетаны сынақтан өткерди

408

Қытайдың «Sepoch» жеке меншик космос компаниясы мәмлекеттеги биринши көп мәрте қолланылатуғын, тат баспайтуғын полаттан исленген ракетаны суйық кислород ҳәм метан жанылғысы менен табыслы сынақтан өткерди.

– Донгфанг космослық портында «Юаньсинчжэ-1» атлы көргизбели ракета дәслепки сынақ пәрўазын әмелге асырды ҳәм миссия табыслы жуўмақланды, – делинеди социаллық тармақта жәрияланған билдириўде. – Суйық кислород ҳәм метан жанылғысы менен қапланған жуқа дийўаллы тат баспайтуғын полаттан исленген ракетаның узынлығы 26,8 метр, шеңбери 4,2 метр, ушырыў салмағы шама менен 57 тонна.

Пәрўазы 125 секунд даўам еткен ракета теңиз қәддинен 2,5 километр көтерилген ҳәм суўға әсте қонған.

Компания жуўапкерлериниң атап өтиўинше, сынақ усы жылы режелестирилген «Юаньсинчжэ-1»ди толық иске қосыў ушын беккем тийкар жаратты.

«Beijing Sepoch Technology» жеке меншик космослық компаниясы Қытайда қайта пайдаланылатуғын орта ҳәм аўыр жүк тасыў қурылмаларын ислеп шығарып атырған биринши кәрхана болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги