Москвада жергиликли өндирис орынлары улыўмалық баҳасы 15 миллион доллардлық 715 келисимге еристи

Усы жылдың 27-29 май күнлери Москва қаласында BEE-TOGETHER.ru халықаралық бизнес платформасы илажлары шөлкемлестирилди.
Оған 55 жергиликли компанияның ўәкиллеринен ибарат Өзбекстан делегациясы қатнасты.
BEE-TOGETHER.ru – бул арнаўлы B2B (business-to-business) платформа болып, ол халықаралық көлемде өндирис орынларының, жеткерип бериўшилер ҳәм қарыйдарларды бир жерге топлап, оларға тиккелей ушырасыўлар, сөйлесиўлер ҳәм бирге ислесиў имканиятларын жарататуғынын атап өтиў керек. Онда тийкарынан тоқымашылық, мода, гезлеме ҳәм усы сыяқлы тараўлардағы компаниялар өз өнимлери менен хызметлерин көрсетип, жаңа базарларға шығыў, шериклер табыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў имканиятына ийе болады.
Әҳмийетлиси, платформа шеңберинде өткерилген биринши күн көргизбесинде Өзбекстан ислеп шығарыўшыларының өнимлери сырт елли шериклерде үлкен қызығыўшылық оятып, улыўма баҳасы 15 миллион долларлық 715 келисимге ерисилди.
Жергиликли қатнасыўшылар ушын көргизбениң екинши күни де үлкен тәсирлерге бай болды. Атап айтқанда, Россия ҳәм халықаралық компаниялар менен 100 ден аслам В2В сөйлесиўи өткерилип, тигиўшилик буйыртпалары, гезлеме жеткерип бериў ҳәм турақлы мода тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, ири халықаралық көргизбелерди шөлкемлестириўшилер менен келешектеги режелер бойынша да сөйлесиўлер алып барылды ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў бойынша дәслепки келисимлерге ерисилди.
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, бул платформа тек ғана саўда келисимлери емес, ал Өзбекстан компаниялары ушын жаңа базарлар есигин ашыў, өнимниң сапасын халықаралық талапларға бейимлестириў ҳәм глобал көлемде брендингти жолға қойыў имканиятын жаратып атырғаны менен әҳмийетли.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА