Өзбекстан ҳәм Италия атом тараўында узақ мүддетли бирге ислесиўди баслайды

Самарқандта “Өзатом” агентлиги ҳәм Италияның “Ansaldo Energia S.p.A.” компаниясы арасында түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Бул меморандум шеңберинде кадрлар таярлаў, илимий-техникалық потенциалды арттырыў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў ушын Италия компаниясының алдынғы технологиялары менен тәжирийбесинен пайдаланыў нәзерде тутылған.
Агентликтиң мәлимлеме хызметине бола, “Ansaldo Energia S.p.A.” компаниясы Европа энергетика секторында жетекшилик етеди. Ол газ ҳәм пуў турбиналары, сондай-ақ, оларға сәйкес генераторларды жойбарластырыў, өндирис ҳәм жеткерип бериў, монтажлаў ҳәм сазлаў, хызмет көрсетиў, оңлаў ҳәм модернизациялаўға қәнигелескен. Компания өзиниң филиаллары арқалы атом энергетикасы бағдарында да жумыс алып барады.
Бул бирге ислесиў тәреплер ушын тек ғана экономикалық емес, ал стратегиялық жақтан да үлкен әҳмийетке ийе болыўы күтилмекте.
Еслетип өтемиз, бул ҳүжжетке 28-май күни Самарқандта Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелони қатнасыўында өткерилген жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер шеңберинде қол қойылған.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА