Нурмат Отабеков: дүньяда коронавирус бойынша ғалабалық мағлыўматларды тарқатыўдан мәпдар топарлар бар

239

Соңғы ўақытлары айырым интернет басылымлары ҳәм социаллық тармақларда коронавирустың жаңа толқыны дүньяны қамтып алмақта, деген мазмундағы хабарлар тарқалмақта. Атап айтқанда, өсиў пәтлери NB.1.81 штаммы менен байланыслы екенлиги айтылмақта.

Хош, бул қаншелли тийкарлы?

Бул сораўға Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети баслығының биринши орынбасары Нурмат Отабеков толық жуўап берди:

– Усы жылдың март айында Қытайда анықланған коронавирустың NB.1.81 штаммы айырым мәмлекетлер бойлап тарқалып атырғаны ҳаққында мағлыўматлар бар, – дейди қәниге. – Бирақ, СOVID-19дың жаңа толқыны дүньяны қамтып алмақта, деген хабарлар тийкарсыз.

Бизге белгили, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми 2024-жыл 13-апрельден коронавирус пенен кеселлениў бойынша күнделикли мәлимлеме берип барыўды тоқтатқан.  Мәмлекетлер көлеминде де усындай. Мәселен, Россияның «Роспотребнадзор» шөлкеми 2024-жыл 12-майдан берил күнделикли мағлыўматлар жәриялаў әмелиятын жуўмақлаған.

Негизинде, усының өзи планетамызда коронавирус бойынша эпидемиологиялық жағдай турақлы екенлигин билдиреди. Қалаберди, SARS-CoV-2 ниң NB.1.81 штаммының кең көлемде тарқалып атырғанына байланыслы мағлыўматларды ЖДСШ рәсмий түрде тастыйықламаған.

Сыр емес, дүньяда коронавирус бойынша ғалабалық мәлимлемелерди тарқатыўдан мәпдар топарлар бар. Ҳәзирги күнлерде жәрияланып атырған бундай мағлыўматларды да усы тәризде түсиндирсек, дурыс болады. Себеби Жер жүзинде жаңа толқынның бақланыў итималы дерлик нольге тең.

Өзбекстан мысалында айтатуғын болсақ, мәмлекетимизде эпидемиологиялық жағдай турақлы. Халықта коронавирус штаммына әпиўайы респиратор кеселликлерге болғанындай мүнәсибет әлле қашан қәлиплескен.

Себеби бул кеселликти диагнозлаў, емлеў имканиятына ийемиз. Өз гезегинде, адамларда бул кеселликке қарата жәмәәтлик иммунитет пайда болган. Тек ғана Өзбекстан емес, пүткил Жер шарында жағдай сондай!

Дурыс, мәмлекетимизде , СOVID -19 бенен кеселленгенлер аз муғдарда болса да, анықланып атыр. Бирақ мүрәжат еткен наўқаслардың тек ғана екилемши созылмалы кеселлиги болғанлары емлеўханада емленбекте. Қалғанлары кеселлик жеңил өткени себепли амбулатор шараятта емленип атыр.

“Жаңа вируслар пайда болды” деген хабарларға келсек, ҳәзирги ўақытқа шекем дүньяда коронавирустың 45 мыңға шамалас мутациялары жүзеге келди ҳәм елеге шекем бул процесс тоқтаған жоқ. Бирақ өткен дәўирде олардан тек ғана 10-15 и кеселлик шақырды. Усы мәнисте, мутациялардан ҳаўлықпа жасаў керек емес.

Усы жерде ўатанласларымызға Өзбекстан аймағында қайсы вируслар айланып жүргенин бақлап барыўшы мониторинг системасы жолға қойылғанын, тийисли лабораторияларда наўқаслардан алынған вирус үлгилери турақлы түрде тексерилип, таллап барылатуғынын еслетип өтпекшимен.

Усы мәнисте, дүньяда дизимге алынып атырған жаңа штаммлар ҳаққында дәрриў ғалабалық хабарлар тарқатыўға ҳәрекет етпеў керек. Қәўетерлениўге ҳеш қандай тийкар жоқ.

ӨзА