Халықаралық дайжест (+видео)

222

Санкт-Петербург ҳүкимети мигрантларға курьер ҳәм такси айдаўшысы болып ислеўди қадаған етпекши. Қарар жойбары 28-май күни қала ҳәкимиятының сайтында жәрияланды.

Нызам жойбарына тийкарланып 1-июльдан баслап электр велосипедлер ҳәм самокатларда курьерлик етиўге шек қойылыўы мүмкин. Патентлер бойынша ислейтуғын мигрантларға төмендеги экономикалық жумыс түрлери бойынша ислеўди қадаған етиў усыныс етилмекте. Олар, жеңил автомобильлерди айдаўшылық ушын ижараға бериў ҳәм такси хызмети; Курьерлик хызмети; Ҳәр түрли транспорт қураллары арқалы жеткерип бериў хызмети; Үйге азық-аўқат жеткерип бериў жумысы; Басқа да курьерлик жумыслар.

АҚШ президенти Дональд Трамп Россия президенти Владимир Путинге еки ҳәптелик мүддет бергени айтылмақта. Президент бул мүддет ишинде нәтийже болмаса, басқа илаж көретуғынын билдирген. Бул ҳаққында ВВС хабар берди.

Трамп 28-май күни Ақ үйде Путин урысты тамамлаўды қәлей ме ямаса қәлемей ме, деген сораўға былай жуўап берген:

«Мен буған ҳәзир жуўап бере алмайман, бирақ шама менен еки ҳәптеден кейин айтыўым мүмкин. Усы мүддет ишинде Путин бизди алдап жүр ме ямаса жоқ па, билип аламыз», деген ол.

Трамп кейинги ўақытларда социаллық тармақларда Россия президенти «пүткиллей ақылдан азған» ямаса «от пенен ойнап атыр» деп жазған еди.

Россияның жасырын ядролық обектлери ҳаққындағы еки миллион ҳүжжет, соның ишинде, Ясний қаласындағы стратегиялық ракета әскерлери базаларынан бириниң толық схемалары интернетте тарқалды. Данияның Danwatch журналистлери ҳәм Германияның Der Spiegel басылымы усы базалардан бирин үйренди.

Мағлыўматларға тийкарланып, Россияның жоқары дәрежеде қорғалатуғын объектлеринде әскерий ядролық инфраструктураны модернизациялаў көлемин баҳалаў мүмкин. Базалар массалық түрде бузып тасланды ҳәм жаңадан қурылды, жүзлеген жаңа казармалар, қорғаў минаралары, басқарыў орайлары, қоймаханалар ҳәм жер асты туннельлери қурылды.

Қәнигелер ҳүжжетлердиң тарқалып кетиўин «пүткиллей ақылға уғрас келмейтуғын» деп атамақта, олар алдын бундай мағлыўматлардың жәрияланғанын көрмеген.

Америка Қурама Штатлары президенти Дональд Трамп қытайлы студентлердиң визаларын бийкарлайтуғынын мәлим етти.

АҚШ мәмлекетлик хаткери Марко Рубио баянатында бул илажлар Қытай Коммунистлик партиясы менен байланысы бар ямаса әҳмийетли тараўларда оқып атырған студентлерди өз ишине алатуғынын айтқан.

Сондай-ақ, ол визаларды бериў критериялары да қайта көрип шығылатуғынын ҳәм Қытай және Гонконгтан келетуғын болажақ студентлер ушын тексериў күшейтилетуғынын қосымша еткен.

НАТО альянс қорғаныўы ушын Германиядан жети бригада, шама менен 40 мың әскер бериўди сорады.

Бул жаңа қурал-жарақ ҳәм әскерлер санына қойылып атырған талаплар шеңберине киреди. Оны НАТОға ағза мәмлекетлердиң қорғаныў министрлери келеси ҳәптеде тастыйықлаўы күтилмекте. Альянс өзиниң әскерий потенциалы бойынша режелерин кеңейтпекте. Себеби 2022-жылы Украинада урыс басланғанынан берли Россияға үлкен қәўип сыпатында қаралмақта.

Ирода Жўраева,

Улуғбек Тўхтаев, ӨзА