«Илимде әжайып жаңалық: Қорғасын алтынға айланды» (+видео)

Европа илимий топарларында тарийхый әҳмийетке ийе болган ашылыў жүз берди: илимпазлар қорғасын элементин алтынға айландырыўға еристи.
Бул ҳаққында ABC News басылымы хабар берди. Бурын тек әпсаналар ҳәм алхимиклердиң әрманы сыпатында қаралып келген бул қубылыс енди заманагөй физика ҳәм химия жетискенликлери жәрдеминде ҳақыйқатқа айланыўы мүмкин.
Изертлеў Европаның жетекши физиклери ҳәм химиклеринен ибарат топар тәрепинен алып барылды. Илимпазлар ядролық реакция жәрдеминде қорғасынның атом дүзилисин өзгертип, оны химиялық жақтан алтын менен бирдей ҳалға келтириўге ерискен. Бул жүдә қурамалы ҳәм жоқары энергиялы процесс болып, онда бөлекшелердиң тезлеткиш үскенелери қолланылған. Қәнигелер бул ашылыўдың әмелий емес, илимий қуны жоқары екенин айтпақта. Ядро физикасы, материалтаныў ҳәм квант механикасы сыяқлы тараўларда бул тәжирийбе жаңа излениўлерге жол ашыўы мүмкин. Сондай-ақ, элементлер дүзилисин басқарыў арқалы жаңа материаллар жаратыў имканияты да пайда болмақта.
Европалы илимпазлар тәрепинен қорғасынды алтынға айландырыў бойынша ерисилген жетискенлик адамзат тарийхындағы ең әййемги илимий әрманлардан бириниң әмелге асыўын аңлатады. Бул процесс әмелий жақтан шекленген болса да, ол заманагөй илим ушын жаңа горизонтларды ашпақта ҳәм илимниң имканиятлары қаншелли шексиз екенин және бир мәрте дәлиллемекте.
Мадинабону Насриева, Анвархўжа Аҳмедов (видео), ӨзА