“Tashkent Law Spring”те жоқары технологиялық раўажланыў процесинде инсан мәплери ҳәм әдиллик принциплерине әмел етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

244

Пайтахтымызда “Tashkent Law Spring” төртинши халықаралық юридикалық форумы өз жумысын даўам еттирмекте.

Санлы дәўирде ҳуқық системасы реформасына бағышланған абырайлы илажда 1,2 мыңға жақын қатнасыўшы, соның ишинде, 150 ге шамалас сырт елли спикер ҳәм рәсмийлер, 40 тан аслам мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнаспақта. Саудия Арабстаны, БАӘ, Пакистан, Россия, Әзербайжан, Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлердиң әдиллик уйымларының басшылары, Сингапур Бас прокуроры, сондай-ақ, “Жер жүзилик әдил судлаў жойбары” атқарыўшы директоры қатнаспақта.

Илаждың ашылыўында мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң “Tashkent Law Spring” төртинши халықаралық юридикалық форумы қатнасыўшыларына қутлықлаўын Президент кеңесгөйи Русланбек Давлетов оқып еситтирди.

Қутлықлаўда әнжуманда дүньяның абырайлы шөлкемлери ҳәм 40 тан аслам мәмлекеттен жоқары мәртебели делегатлар, жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм “ақыл орайлары”ның белгили илимпазлары менен экспертлериниң қатнасып атырғаны оның абырайы ҳәм әҳмийети барған сайын артып атырғанын айқын көрсетип атырғаны атап өтилди.

“Жоқары технологиялық раўажланыў процесинде инсан мәплери ҳәм әдиллик принциплерине әмел етиў, нәтийжели ҳуқықый механизмлерди жаратыў, санлы суверенитетти тәмийинлеў бойынша халықаралық бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме күшейтиўди дәўирдиң өзи талап етпекте. Технологиялар ҳәм виртуал қатнасықлар жеделлик пенен турмысымызға кирип атырған бүгинги күнде жасалма интеллект сыяқлы раўажланыўдың ең алдынғы жетискенликлеринен улыўма инсанияттың мәплери жолында ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў зәрүр, деп есаплаймыз,” деп атап өткен мәмлекетимиз басшысы.

Жаңа Өзбекстанда санлы технологиялар жәрдеминде мәмлекетлик басқарыўды модернизациялаў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди электронластырыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў есабынан “хызмет көрсетиўши мәмлекет” принципин әмелге асырыўға үлкен итибар қаратылып атырғаны айтып өтилди. Әнжуман шеңберинде биринши мәрте Жаслар форумы өткерилип атырғаны да дыққатқа ылайық екени атап өтилди.

Форум шеңберинде 20 ға шамалас илаж, соның ишинде, пленар сессия, шеберлик сабақлары, дөгерек сәўбетлери, 4 көргизбе, сондай-ақ, биринши мәрте Халықаралық жаслар юридикалық форумы өткерилетуғынын айтып өтиў керек.

Илажларда заманагөй технологиялардың ҳуқықый системаға тәсири, электрон ҳүкимет, санлы нотариат, юридикалық билимлендириўдеги революциялық жаңалықлар, интеллектуаллық мүлкти қорғаў, юридикалық әмелиятты санластырыў сыяқлы темалар додаланады.

Ҳуқықый процесслерди автоматластырыў, смарт-шәртнамаларды енгизиў, киберқәўипсизликти тәмийинлеў және санлы медиация ҳәм суд экспертизасы бағдарындағы алдынғы тәжирийбелер үйрениледи.

Форум өз жумысын даўам еттирмекте.

Н.Абдураимова,

Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА