Жетекшилер “Өзбекстан ҳәм Италия: цивилизациялар қарым-қатнасы” көргизбесин барып көрди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелони Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында шөлкемлестирилген “Өзбекстан ҳәм Италия: цивилизациялар қарым-қатнасы” көргизбесин тамашалады.
Бийтәкирар экспозиция еки мәмлекет арасындағы терең тарийхый, илимий ҳәм мәдений байланысларға бағышланған. Ол “Рим ҳәм Кушан империяларының саўда қатнасықлары,” “Биринши Ояныў дәўири,” “Марко Поло,” “Әмир Темур,” “Мырза Улығбек” ҳәм “Заҳириддин Муҳаммед Бабур,” “XIX әсирде Өзбекстандағы италиялылар,” “Екинши жер жүзилик урыста өзбекстанлылардың Италияны азат етиўге қосқан үлеси,” “Өзбекстан ҳәм Италия: мәдений мийрасты сақлаў” сыяқлы 9 темадағы бөлимнен ибарат.

Мийманларға Афросиёбтың “Самарқанд ҳүкимдары тәрепинен елшилерди қабыл етиў мәресими” атамасындағы дийўалдағы сүўреттиң белгили италиялы уста Мауро Пеллицонни тәрепинен Флоренция мозаикасы усылында исленген бийбаҳа нусқасы көрсетилди.
Сондай-ақ, жетекшилер ҳәр қыйлы тарийхый естеликлер, графикалық сүўретлер, қолжазба ҳәм миниатюралар, сийрек ушырасатуғын әдебий басылымлар, мүсинлер, архив сүўретлери ҳәм ҳүжжетлери менен танысты.





ӨзА