Орайлық Азия – Италия: стратегиялық бирге ислесиў перспективасы ҳәм Өзбекстанның мәпи

212

2025-жыл 30-май күни Қазақстан пайтахты Астана қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери – Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан және Италия арасында саммит болып өтеди.


Мәлим болыўынша, Италия Бас министри Жоржа Мелони регионға сапары даўамында Самарқанд ҳәм Ташкентте ушырасыўлар өткереди, 30-май күни Астанада мәмлекет басшылары менен биргеликте ушырасыўға қатнасады.

Бул баслама Италияның Орайлық Азия менен қарым-қатнасты беккемлеўге айрықша умтылысы сыпатында баҳаланбақта. Кейинги ўақытта бул мәмлекет регионымыз бенен қатнасықларды тереңлестириўге айрықша итибар қаратпақта.

Өзбекстан да Италия менен сиясий-экономикалық байланысқа унамлы қарайды: 2023-жылы Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы мәмлекетке сапары даўамында сиясий, экономикалық, мәдений ҳәм гуманитарлық тараўларды қамтып алған 11 әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылған,  «Стратегиялық шериклик» декларациясы қабыл етилген. Усы көзқарастан Орайлық Азия – Италия саммити региондағы барлық мәмлекетлер ушын ЕА менен шерикликти беккемлеўде гезектеги әҳмийетли басқыш болыўы күтилмекте.

Италияның Орайлық Азиядағы улыўма мәплери

Италия Орайлық Азия регионындағы шериклер менен қатнасықты жақсылаў арқалы ЕА шеңбериндеги абырайын беккемлеў, өзиниң Орайлық Азия бойынша стратегиясын улыўма стратегиясы менен үйлестириў нийетинде. Италия ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери сыртқы ислер министрлериниң «1+5» түриндеги сөйлесиўи биринши мәрте 2019-жыл декабрь айында Римде шөлкемлестирилген. Улыўма, Римниң региондағы белсендилиги ЕА ушын да әҳмийетли.

Италия континенттиң энергетика тәмийнаты дәреклерин диверсификациялаў мақсетинде импорт бойынша жаңа шериклер излемекте. Бул стратегиялық бирге ислесиў мәмлекет ушын экономикалық байланысларды беккемлеў, соның менен бирге регионда турақлылықты тәмийинлеў ушын әҳмийетли.

Аўыл хожалығы ҳәм агротехнология

Өзбекстан аўыл хожалығы тараўында Италия тәжирийбеси ҳәм технологиясын жедел тартыўға умтылмақта. Мәселен, Италияның суўды үнемлеў технологиясы менен белгили болған «Iritec» компаниясы менен шериклик алдыңғы механизация ҳәм ирригация системасын енгизиў, азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў нәтийжелилигин арттырыў имканиятын береди. Соның менен бирге, суўдан ақылға уғрас пайдаланыўға ерисиледи.

Италияның агротехнология тараўындағы алдынғы бағдарламалары да қабыл етилмекте. 2023-жыл июнь айында Римде өткерилген Өзбекстан – Италия бизнес форумында «Cermac» консорциумы ҳәм өзбек компаниялары арасында аўыл хожалығын қайта ислеў тараўында техника ҳәм технология трансфери бойынша меморандумға қол қойылды. «Cermac» жуўапкерлериниң атап өтиўинше, республикамыз мийўе-овощ экспортын жедел раўажландырмақта. Италия компаниялары болса өз тәжирийбесин туқым егиўден теримге шекем, толық өндирислик шынжырда жоқары дәрежедеги технологиялық шешимлерди енгизиўге ҳәрекет етпекте.

Өз-ара бирге ислесиўде, илимий излениў тийкарында Жиззақ ўәлаяты Шараф Рашидов районы аймағында 40,1 миллион евролық жойбар алға қойылды. Тез арада 400 гектар жерде шафран плантациясы қурылып, өним жетистириў ҳәм экспорт етиў жолға қойылды. 2024-жылы шафран гүлин қайта ислеў заводы иске қосылды ҳәм ҳәзирги ўақытта 20 дан аслам түрдеги өним ислеп шығарылмақта.

Бүгинги күнде бул өнимлер Италия, Австрия, Нидерландия, Франция, Қубла Корея, Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилмекте. Италия менен биргеликте тек ғана шафран емес, ал мийўе жетистириў, бағшылықты раўажландырыў ҳәм өнимди экспертизадан өткериў бойынша ҳәр қыйлы жойбарлар жолға қойылған. Ең тийкарғысы, бирге ислесиў процеси барған сайын кеңеймекте.

Қамсызландырыў ҳәм финанслық механизм жәрдеминде аўыл хожалығының турақлылығы арттырылмақта. Усы жылдың май айында болып өткен сөйлесиўде Италия системасы мысалында елимизде агросекторға бейимлестирилген қамсызландырыў шөлкемлестириў, жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда қәўипти анықлаў ҳәм қәнигелер таярлаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды. Бундай илажлар аўыл хожалығы қәўипин азайтыў, экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етеди.

Энергетика тараўында бирге ислесиў

Италия менен энергетика тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары – тәбийғый газ тармағын модернизациялаў ҳәм қайта тиклениўши қуўатлылықты раўажландырыўдан ибарат. Италиялы «Pietro Fiorentini» ҳәм « Terranova» сыяқлы компаниялар мәмлекетимизде газ тәмийнаты тармағын санластырыў жойбарында қатнаспақта.

Соның менен бирге Өзбекстан электр тәмийнатында да әҳмийетли реформаларды баслаған. Ҳүкимет 2030-жылға шекем қайта тикленетуғын дәреклердеги электр энергиясының үлесин көбейтип, дерлик 25 процентке шекем арттырыўды мақсет еткен. Бул электр тармағын модернизациялаўды талап етеди. Италияның энергетика компаниялары ҳәм қаржылары жасалма – қуўатлылық қорғайтуғын қурылма ҳәм қуяш панели технологиясын енгизиў, сондай-ақ, электр тармағын жетилистириў бойынша сырт ел инвестициясын тартыўда қатнасыўы мүмкин. Буннан тысқары, Италия Орайлық Азияны тек ғана нефть, газ ҳәм уран жеткерип бериў емес, ал қайта тикленетуғын энергия дәреклери бойынша да үлкен потенциалға ийе екенин тән алмақта.

Газ ҳәм энергетика тараўында әмелге асырылып атырған реформаларымыздың қоллап-қуўатланыўы жасыл экономика ҳәм турақлы раўажланыў стратегиясы менен үнлес. Аўыл хожалығы ҳәм санаатта энергияны үнемлейтуғын технологияны кеңнен енгизиў арқалы нәтийжелиликти арттырыў бойынша көрсеткишти еки есеге арттырыў, қайта тикленетуғын дәреклерден үнемли пайдаланыў бизиң қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климатқа байланыслы мақсетлеримизге де сәйкес келеди.

Денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў

Бүгинги күнде Италия жоқары билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери менен байланыс орнатыўға кеңнен тартылмақта. Мәселен, 2022-жылы өткерилген ушырасыўда Рим қаласындағы А.Жемелли (Agostino Gemelli) университети клиникасы Қарақалпақстан медицина институты менен бирге алдыңғы медицина технологиясы, қурамалы хирургиялық операциялар өткериў ҳәм маманлық арттырыў бағдарламалары бойынша бирге ислесиў бойынша сөйлесиў алып барылды. Нәтийжеде кардиохирургия, невропатология, трансплантация сыяқлы бағдарларда оқытыў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм илимий-изертлеў алып барыўға келисип алынды. Бул Италияның жоқары технологиялы медицина тәжирийбесин Өзбекстанға алып кириўге қаратылған исенимли қәдеми болып табылады.

Италия фармацевтика компаниялары да елимизге инвестиция киргизиў имканиятын үйренбекте. Мәселен, «IBSA Group» ўәкиллери Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги менен шерикликти додалап, «Menarini», «Italfarmaco», «Chiesi» сыяқлы ири кәрханалар менен байланыс орнатыўға келисти. Академиялық бағдарламалар шеңберинде студентлеримиздиң Италияда маманлығын арттырыў нәзерде тутылмақта. Бул жергиликли кадрлардың потенциалын арттырыўға хызмет етеди. Алдынғы илимий технология тийкарында системаны модернизациялаў, исенимли диагностика ҳәм заманагөй емлеў үскенелерин әмелиятта қолланыў халықтың саламатлығын жақсылаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Жуўмақ

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Италия қатнасыўындағы дәслепки саммит Өзбекстан ушын көп тәреплеме ҳәм перспективалы болып есапланады. Аўыл хожалығы, энергетика, денсаўлықты сақлаў тараўларында Италияның алдынғы тәжирийбеси ҳәм технологиясын мәмлекетимизде қолланыў турақлы раўажланыў миллий мақсетлери менен сәйкес.

Аграр тараўда Италия тәжирийбесиниң қолланылыўы аўыл хожалығы өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў менен бирге экспорт потенциалын және де арттырады, өним жетистириў процесинде аз қәрежет пенен жоқары сапа дәрежесине ерисиўге жәрдем береди.

Энергетикада газ тармағын санластырыў ҳәм қайта тиклениўши дәреклерди иске қосыў жойбарлары экологияға унамсыз тәсирди азайтады. Медицина тараўындағы байланыслар халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў имканиятын кеңейтеди, кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўда жәрдем береди.

Жуўмақлап айтқанда, Италия менен бирге ислесиў Өзбекстанның турақлы раўажланыў миллий мақсетлерине ерисиўге қаратылған басламалары менен үнлес. Бул болса мәмлекет экономикасын модернизациялаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм социаллық тараўдың раўажланыўына сезилерли үлес қосады.

Астанада болып өтетуғын саммит те регионаллық қатнасықларды буннан былай да беккемлеп, соның ишинде, Өзбекстан – Италия стратегиялық бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғыны сөзсиз.

Шуҳрат Ҳожимуродов, Турақлы раўажланыў орайының бас қәнигеси