Президент қарары менен 2029-жыл 1-январьға шекем мебель ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын шийки зат, аўысық бөлеклер, фурнитура ҳәм аксессуарлар импортында бажыхана бажысы 1 процентлик ставкада қолланылады

163

2025-жыл 1-июльден өз үйинде жумыс алып баратуғын ЖТИлерге мебель өнимлерин таярлаў жумысы менен шуғылланыў ҳуқықы бериледи.

2025-жыл 1-августтан жергиликли мебель технологлары ушын раўажланған сырт еллердеги абырайлы шөлкемлердиң тараўға тийисли болған маманлық сертификатларын алыў қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги