Майыплық пенсиялары айрықша мүрәжат талап етпестен проактив түрде таныйнланады

2025-жыл 1-июльден пуқараларға мәмлекетлик пенсиялар ҳәм компенсацияларды тайынлаўдың төмендеги әпиўайыластырылған тәртиби енгизиледи:
– пуқараларға I ямаса II-топар майыплығы белгиленгенде пенсияларды айрықша мүрәжат талап етпестен проактив түрде тайынлаў. Онда пуқараға проактив түрде тайынланған пенсияларды бийкарлаў ҳуқықы бериледи;
– көриў қәбилети бойынша I-топар майыплығы болған шахсларға ҳәм ядро полигонлары ҳәм басқа да радиация-ядро обектлеринде әскерий хызметти өтеген шахсларға компенсацияларды электрон мағлыўматлар алмасыўы тийкарында проактив түрде тайынлаў;
– майыплық пенсиясы тайынланғанынан соң кеминде 1 жыл жумыс стажына ийе болғанда пуқараның пенсия муғдарын ҳәр 2 жылда проактив түрде қайта есаплаў.
2025-жыл 1-октябрьден мәмлекетлик пенсия тәмийнатына байланыслы ҳәм АК “Халқ банки” тәрепинен пенсияларды нақ пул түринде төлеўге байланыслы хызметлер пуқараларды биометрикалық идентификациялаў (Face-ID) ҳәм олардың қолтаңбасын электрон формада алыў арқалы әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги