Орайлық Азия ҳәм ЮНИСЕФ бирге ислесиўи раўажланбақта

269

Ташкентте Халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланған “Балалар ушын қарым-қатнас: Орайлық Азия ҳәм ЮНИСЕФ” темасында жоқары дәрежели форум болып өтти.

Илажда Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ўәкилханалары, “Замин” фондының жуўапкерлери, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан денсаўлықты сақлаў министрликлери ҳәм басқа да мәпдар уйымлардың басшылары қатнасты.

Улыўма тийкарғы бағдарлар, нәтийжели стратегия ҳәм биргеликтеги басламаларды белгилеў арқалы аналар ҳәм балаларға медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын арттырыў, әсиресе, балалар онкологиясы мәселесине айрықша итибар қаратылған әнжуман халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ушын қолайлы майданға айланды.

– Ҳәр бир баланың денсаўлығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў бойынша системалы жумысларды даўам еттириўге исенимли қарар еткенбиз, – деди форум қатнасыўшыларына мүрәжатында “Замин” қоры Қәўендерлик кеңесиниң баслығы Зироат Мирзиёева. – Педиатрия хызметинде көп тармақлы қатнас, соның ишинде, онкологиялық кеселликлерге қарсы гүресиў бағдарламаларын енгизиўге айрықша итибар қаратпақтамыз. Бахытлы балалардың шадлы күлкиси, ата-аналардың қәтержамлығы ҳәм толық исеними бизиң тийкарғы жетискенлигимиз болып табылады.

Орайлық Азия мәмлекетлери басланғыш медициналық-санитариялық жәрдемди күшейтиў арқалы балалар саламатлығын қорғаў тараўындағы халықаралық стандартқа садықлығын тастыйықлайды. Усы көзқарастан илажда бул бағдарды раўажландырыў регионда денсаўлықты сақлаў хызмети менен толық қамтып алыўға ерисиўдиң әҳмийетли факторы сыпатында атап өтилди.

– Орайлық Азияда денсаўлықты сақлаў системасы еки тәреплеме жүклемеге дус келмекте: жуқпалы болмаған кеселликлер және аналар ҳәм балалар өлими тараўындағы жуўмақланбаған ўазыйпалар, – дейди ЮНИСЕФтиӊ атқарыўшы директоры Кетрин Рассел. – Басланғыш медициналық жәрдемди күшейтиў болса усы мәселелерди шешиў ушын экономикалық жақтан ең нәтийжели ҳәм дурыс стратегия.

Әнжуманда балалар ҳәм жас өспиримлерге онкологиялық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириўге айрықша итибар қаратылды. Бул системаны мәмлекетлик бағдарламалар менен үйлестирип, избе-из профилактиканы жолға қойыў, ерте диагноз қойыў ҳәм емлеў, маман кадрлар таярлаў, психологиялық-социаллық қоллап-қуўатлаў, процессти санлы мониторинг пенен қамтып алыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Шериклик хызмети клиникалық жәрдем шеңберинен шығып, ата-ана, өз ара жәрдем топары ҳәм шаңарақлық мәсләҳәтти бирлестириўи, баланы шаңарақта ҳәм социаллық орталықта қоллап-қуўатлаўы керек.

Қатнасыўшыларға онлайн мүрәжат жоллаған ЖДСШ Европа регионаллық бюросының директоры Ханс Клюге Орайлық Азия мәмлекетлери ҳүкиметлериниң ана ҳәм бала саламатлығын тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин алғыслап, былай деди:

– Балалардың саламатлығы – халықтың саламатлығы. Бул инсан капиталына, социаллық турақлылыққа ҳәм бәршемиз биргеликте қурып атырған келешекке киргизилип атырған ең пайдалы инвестиция болып есапланады. ЖДСШ бәрқулла бул жолда сиз бенен бирге алға барыўға таяр.

Форум жуўмағында қатнасыўшы мәмлекетлер тәрепинен ЮНИСЕФ ҳәм ЖДСШ жәрдеминде балалар ҳәм жас өспиримлердиң саламатлығы тараўында ҳүкиметлер, академиялық жәмийетшилик, шериклер ҳәм пуқаралық жәмийети арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған декларация қабыл етилди.

Муҳаррама Пирматова, Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА