Өзбекстанның Европа Аўқамындағы миссиясының басшысы ЕК президентине исеним жарлықларын тапсырды
264

Өзбекстанның Европа Аўқамындағы миссиясының басшысы Ғайрат Фозилов Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйенга исеним жарлықларын тапсырды, деп хабар бермекте “Дунё” АА хабаршысы.
Салтанатлы мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Европа комиссиясы президенти Урсула фон дер Ляйен усы жыл апрель айында болып өткен биринши “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” саммитиниң жуўмақларын жоқары баҳалады.
Еврокомиссия басшысы ЕАның Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў тәрепдары екенин тастыйықлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги