Әдиллик министрлигинде “Баҳалы қағазлар базарында ҳийлекерликтиң алдын алыў” қағыйдалары мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Бул Қағыйдалар баҳалы қағазлар базарында алдаўшылықтың алдын алыў ҳәм оған жол қоймаў тәртибин белгилейди.
Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланады.
Қағыйдаларға бола, баҳалы қағазлар базарының профессионал қатнасыўшысына жалған (бурмалаўшы) жағдайлар жаратыў, соның ишинде, төмендегилер қадаған етиледи:
- мүлк ийесиниң өзгериўине алып келмейтуғын келисимди әмелге асырыў;
- жалған яки басқа базар қатнасыўшыларын алжастыратуғын ҳәр қандай мағлыўматларды бериў ҳәм тарқатыў;
- үшинши шахсларды баҳалы қағазларды манипуляторлар ушын қолайлы баҳада сатыўға (сатыўға) ийтермелеў мақсетинде баҳаларын жасалма түрде көтериўге/түсириўге, жалған ямаса алдастырыўшы жедел саўда тәсирин оятыўға қаратылған ҳәрекетлерди ислеў.
Баҳалы қағазлар саўдасының шөлкемлестириўшилери ҳәм басқа қатнасыўшылары алдаўшылық белгилери бар болғанда, бул ҳаққында ўәкилликли уйымды келисим дизимнен өткерилген ўақыттан баслап 3 күн ишинде хабардар етиўи шәрт.
Қарақалпақстан хабар агентлиги