Өзбекстанда миллий қайта қамсызландырыў компаниясы шөлкемлестириледи

276

Президенттиң тийисли қарары менен “Өзбекстан қайта қамсызландырыў компаниясы” атамасында миллий қайта қамсызландырыў шөлкеми дүзиледи. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.

Қарар менен қайта қамсызландырыў системасын 2025-жылы және де жетилистириўдиң тийкарғы мақсетлери белгиленди. Онда миллий қайта қамсызландырыў базарының көлемин 4 триллион сумға жеткериў, қайта қамсызландырыў хызметлериниң экспортын кеминде 30 процентке арттырыў және халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм қайта қамсызландырыў тараўына тартылатуғын инвестициялардың көлемин 150,0 миллиард сумға шекем көтериў режелестирилген.

Сондай-ақ, шөлкемлестирилетуғын миллий қайта қамсызландырыў компаниясының тийкарғы жумыс бағдарлары да айқынластырылды. Онда қамсызландырыў жумысы ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық барлық қайта қамсызландырыў түрлерин әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлардың республика экономикасына киргизетуғын тиккелей ҳәм портфель инвестицияларының және инвестициялық жойбарлар бойынша тәўекелшиликлердиӊ комплексли қайта қамсызландырыў қорғаўы тәмийинленеди.

Мағлыўмат ушын, қайта қамсызландырыў – қамсызландырыў компаниясының өз мойнындағы үлкен қәўип ямаса финанслық шығын итималын азайтыў ушын, басқа бир қамсызландырыў компаниясына (қайта қамсызландырыў шөлкемине) өз миннетлемесиниң бир бөлегин тапсырыў процеси болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги