Юта штаты делегациясы менен ушырасыў

284

Орайлық Азия халықаралық институты директоры (ОАХИ) Жавлон Ваҳобов АҚШ Юта штаты Сенатының баслығы Ж.Стюарт Адамс басшылығындағы делегациясы менен ушырасыў өткерди. Бул сенатордың елимизге екинши мәрте сапар етиўи өз-ара исеним беккемленип, бирге ислесиў жеделлесип атырғанын тастыйықлайды.

Ушырасыў ўақтында турақлы пайдаланыў тийкарында пайдалы қазылмаларды өзлестириў, инвестиция тартыў, заманагөй технологияларды енгизиў бойынша шерикликти кеңейтиў мәселелери додаланды.

Сенат баслығы Өзбекстанның технологиялық раўажланыўдағы жетискенликлерин жоқары баҳалап, мәмлекеттиң мәлимлеме технологиялары ҳәм санлы трансформация тараўындағы табысы Америка бизнесиниң үлкен қызығыўшылығына ийе болғанын атап өтти.

Тәреплер жасларды турақлы қоллап-қуўатлаў арқалы билимлендириў бағдарламаларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратты. Атап айтқанда, штаттағы Жәҳән саўда орайының бас директоры Джонатан Фридман Өзбекстан ҳәм Ютаның демографиялық структурасыныӊ уқсаслығын атап өтти: ҳәр еки аймақ халқының 60 проценттен асламын жаслар қурайды.

ОАХИ директоры өз гезегинде билимлендириўди мәмлекетлераралық турақлы шериклик тийкары сыпатында атап өтти. Орайлық Азия халқының тез пәт пенен өсип атырғанын есапқа алған ҳалда, тәреплер Ютаның жаңа билимлендириў басламаларын тартыў, жаслар ҳәм жоқары технологиялық раўажланыўға қаратылған бағдарламаларды кеңейтиўден мәпдар екенлигин билдирди.

“Stirling Foundation” президенти Майкл Хансен АҚШтың бул коммерциялық емес қоры 2019-жылдан берли 45 мәмлекетте 450 ден аслам жойбарды әмелге асырғанына итибар қаратты.

Атап айтқанда, фонд өз жумысының әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында Өзбекстанда билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, исбилерменлик ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнас тараўларында ири басламаларды әмелге асырып атырғанын уқтырды.

Соңғы үш жыл даўамында жәмәәт жәрдеминде ўәлаятларда жасайтуғын 200 ге шамалас ҳаял-қыз бизнес көнликпесин раўажландырыў бағдарламасы бойынша оқытылды. Аўыллық аймақлардағы студентлер ушын жетекшилик ҳәм исбилерменлик потенциалын арттырыўға қаратылған курслар шөлкемлестирилип, 300 ден аслам адам қатнасты. Инкльюзив билимлендириўди қоллап-қуўатлаў шеңберинде 60 тан аслам майыплығы бар шахсты қамтып алған стипендия бағдарламасы иске қосылды.

Санлы ҳәм технологиялық раўажланыў тараўында Дж.Фридман өзбек IТ-компанияларының халықаралық санлы форумлар, атап айтқанда Ютада болып өткен “Silicon Slopes” саммитинде белсене қатнасқанын еске алды. Оның сөзлерине бола, ҳәзирги күнге келип 2 000 нан аслам өзбекстанлы усы бағдарларда табыслы жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, ол Өзбекстан Санлы технологиялар министрлиги ҳәм Юта штаты Жәҳән саўда орайы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандумға қол қойылғанын әҳмийетли ўақыя сыпатында баҳалады.

Ушырасыў жуўмағында ОАХИ директоры Жавлон Ваҳобов бар басламаларды системалы қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде ерисилген келисимлер әмелий түрге енип атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, ол ОАХИ тәрепинен алға қойылып атырған регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўге байланыслы билимлендириў, гуманитарлық ҳәм технологиялық тараўлар бойынша жойбарларды терең үйрениўге таяр екенин тастыйықлады.

Тәреплер инновацияға умтылып, Өзбекстан ҳәм Юта пуқаралары ушын жаңа имканиятлар жаратыўға тийкарланған турақлы бирге ислесиўди және де тереңлестириў зәрүр екенлигин бир аўыздан мақуллады.

Ғ.Хонназаров, ӨзА