Медициналық хызмет көрсетиўдиң жаңа усыллары енгизилмекте

Президентимиздиң басшылығында 2025-жыл 7-май күни өткерилген мәжилисте белгиленген тапсырмалар ҳәм «Республикада денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынлаўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығы тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгиленген.
Оған муўапық тәжирийбе–сынаў тәризинде районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелери тийкарында жаңа район (қала)лық денсаўлықты сақлаў бөлимлери шөлкемлестириледи. Бул структуралар жергиликли дәрежеде медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, системалы басқарыўды жолға қойыў ҳәм халықтың талабына сәйкес түрде хызмет көрсетиў имканиятын жаратады.
Қарақалпақстан Республикасында тәжирийбе–сынақ жойбары шеңберинде Шымбай районлық медицина бирлеспеси белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы «Жумысшы топары» ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийисли қәнигелери Шымбай районында бул бағдарда өз жумысларын баслап жиберди.


Медицина мәкемелеринде бул бағдарда ушырасыўлар, сәўбетлесиўлер өткерилип, медицина хызметкерлериниң пикир-усыныслары тыңланып, ўазыйпалар белгиленбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги