Енди зергерлер де жеке исбилермен сыпатында алтын буйымлар саўдасы менен шуғылланыўы мүмкин болады.

282

Жуўапкерлерге орынлардағы рәсмий емес зергерлик саўда қатарларын заманагөй көриниске келтирип, олардың жумысын нызамлы жолға қойыў тапсырылды.

Сырттан қәниге алып келиў қәрежетиниң 2,5 мың долларға шекемги бөлеги кеминде 5 шәкирт шығарыў шәрти менен қаплап бериледи.

Улыўма, зергерликте де санаат усылына өтип, ишки базарды қорғаў ҳәм миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў ўақты келгени атап өтилди.

Буның ушын зергерлик санаатында пайдаланылатуғын үскенелер ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклери импорт бажысынан азат етиледи.

Наўайы ҳәм Алмалық комбинатларынан алтынды бөлип төлеў тийкарында сатып алыў тәртиби және 3 жылға создырылады.

Абырайлы брендлер менен бирге ислесиўди жолға қойып, олардың дизайны ҳәм үлгисин алып келиў қәрежетиниң 30 мың долларға шекемги бөлеги қаплап бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги