Мебелшилерге халықаралық сертификат алыў қәрежети ҳәм сырт елден тартылған қәнигелердиң мийнет ҳақысының ярымы төлеп бериледи

248

Президент Шавкат Мирзийоевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Өткен жылы мебел експорты 20 миллион долларға жетти. Сапалық, дизайн ҳәм брендке итибар қаратылса, бар қуўатлықлардың өзинде експорт ҳәзиргиден 10 есеге артыўы мүмкин екени көрсетип өтилди.

Соның ушын, мебелшилерге халықаралық сертификат алыў қәрежети және сырт елден тартылған дизайнер, маркетолог, инженер-технологлар мийнет ҳақысының ярымы төлеп бериледи.

Халықаралық көргизбелерде ижара пулы компенсацияланатуғын майдан ҳәзирги 20 квадрат метрден 40 квадрат метрге арттырылады.

Жуўапкерлерге маман қәнигелерди тартып, жылына 1 мың мебел устасын заманагөй көнликпелерге оқытыўды жолға қойыў тапсырылды.

ӨзА