Мебель ушын ағаш ҳәм ағаш материалларын орайласқан ҳалда алып келиў жолға қойылады
233

Мебельлердиң өзине түсер баҳасында импорт шийки заттың үлеси 50-60 процентти қурамақта. Ислеп шығарыўшылар өзине түсер баҳаны азайтыў ушын фурнитура, аксессуар, бояў, желим, ДСП сыяқлы шийки затқа бажыны азайтыўды сораған.
– Миллий өнимлеримиз бәсекиге шыдамлы болыўы ушын буған келисим беремен, – деди Президент.
Жуўапкерлерге 14 түрдеги шийки зат, фурнитура, аксессуар ушын 3 жыл мүддетке импорт бажысын 1 процент етип белгилеў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.
Мебель ушын ағаш ҳәм ағаш материалларын орайласқан ҳалда алып келиў жолға қойылады.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
ӨзА