Өткен жылдың өзинде мебель ислеп шығарыў бағдарында 920 жаңа кәрхана жумыс баслады. Тараўда 6 триллион 700 миллиард сумлық өним ислеп шығарылды.

Буны еселеп арттырыў ушын бир қатар мәселелерди шешиў зәрүр. Мәселен, мебель өнимлериниң 25-30 проценти шаңарақларда таярланбақта. Үйдеги өндиристен санаат басқышына өтиўге умтылып атырған мебель ислеп шығарыўшылар көп.
Сол себепли жеке тәртиптеги исбилерменлерге 5 адамға шекем жумысшы алып, мебель ислеп шығарыўға рухсат бериледи. Бул жумысты баслаў, кеңейиў тилегинде жүрген жас исбилерменлерге 7 жылға 5 миллиард сумға шекем 18 процентлик кредит ажыратылады.
Алтынкөл ҳәм Ханқадағы “Мебел қурылысы орайы”нда 100 ден аслам кәрхана заманагөй үскенелер орнатып, мебель ислеп шығармақта. Алдын үйиндеги тар жерде мебель ислеген исбилерменлер ҳәзир бир пүтин комплекске жайласып, кластер системасында ислемекте.
Шараф Рашидов, Жаңа Наманган, Пастдарғом, Орта Шыршық, Қува, Бувайда, Юнусабад ҳәм Ўчтепада да Ханқа тәжирийбеси тийкарында мебель ислеп шығарыў орайларын иске қосыў тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги