АҚШ ҳүкимети Гарвард университетине сырт елли студентлерди оқыўға қабыллаўды қадаған етти

396

АҚШ Ишки қәўипсизлик министрлигиниң басшысы Кристи Ноем абырайлы ЖООды “зорлық ҳәм антисемитизмди қоллап-қуўатлаўда”, сондай-ақ, Қытай Компартиясы менен бирге ислесиўде айыплады.

Сертификат бийкар етилгени себепли, енди Гарвард сырт еллилерге АҚШта оқыў визасын алыў ушын зәрүр болған ҳүжжетлерди бере алмайды. Ҳәзирги ўақытта Гарвардта оқып атырған сырт елли студентлер басқа университетке өтиўи керек, болмаса олар мәмлекетте қалыў ҳуқықын жоғалтады.

Гарвард университети Трамп администрациясының бул ҳәрекетлерин нызамсыз ҳәм өш алыўға уқсас деп баҳалады, сондай-ақ, бул ҳәрекетлер университеттиң илимий ҳәм изертлеў миссиясына зыян келтиретуғынын атап өтти. Ҳәзирги күнде Гарвардта 140 мәмлекеттен 7 мыңға шамалас сырт ел студенти оқымақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги