Қантлы диабетти емлеўде илим жетискенлиги
240

Вашингтон университетиниң илимпазлары 2-басқыш қантлы диабетти емлеўде үлкен жетискенликке еристи – олар гипоталамустағы белгили бир нейронлар топарының гиперактивлиги бул кеселликтиң тийкарғы себеби екенин анықлады.
Мийдеги усы клеткаларға арнаўлы тәсир көрсетиў арқалы қанда қант муғдарын нормалластырыўға ерисилди ҳәм бул диабет раўажланыў механизмлери ҳаққындағы илимий түсиниклерди түп-тийкарынан өзгертеди.

Жаңа изертлеўлер нәтийжелерине бола, 2-басқыш диабетти нәтийжели емлеў ушын тек ғана семизлик ямаса инсулинге резистентлик емес, ал мийдеги белгили бир нейронларға итибар қаратыў зәрүр болыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги