Тилеумуратова Гулназ Тажибай қызының педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын қорғаўы ҳаққында

Тилеумуратова Гулназ Тажибай қызының 13.00.02 – Тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (қарақалпақ әдебияты) қәнигелиги бойынша «Қарақалпақ балалар әдебиятын оқытыўда баслаўыш класс оқыўшыларның ой-өрисин жетилистириў методикасы (қарақалпақ мектеплери мысалында)» темасындағы педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертация жумысын қорғаўы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.03/30.04.2021.Fil.20.01 санлы Илимий кеңестиң 2025-жыл 6-июнь күнги саат 09.00 деги мәжилисинде (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайында) болып өтеди.
Мәнзил: Нөкис қаласы, Академик Ч.Абдиров көшеси, 1-жай, Тел: (+99861) 223-60-47, 223-60-78, 223-58-29 email: karsu_info@edu.uz
Қарақалпақстан хабар агентлиги