Айырым шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақылары 20 процентке арттырылады

221

Президент пәрманына бола, тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери медицина хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларына төмендеги муғдарларда қосымша үстемелер төленеди:

көшпели медициналық хызмет көрсетиўши медицина хызметкерлерине айлық лаўазым мийнет ҳақылары ямаса базалық тариф ставкасының 50 проценти муғдарында;

медицина бригадасына белгиленген нормалардан 10 процент артықша қосымша бириктирилген халықтың ҳәр бири ушын мийнетке ҳақы төлеў ең аз муғдарының 0,3 проценти муғдарында – қалаларда, 0,5 проценти муғдарында – районларда;

шаңарақ саламатлығы бойынша арнаўлы оқыў бағдарламасы тийкарында шөлкемлестирилетуғын курслардың барлық басқышларын табыслы тамамлаған медицина хызметкерлери ушын сертификатқа муўапық базалық тариф ставкасының 100 проценти муғдарында.

Тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде район (қала) лық орайлық емлеўханаларда шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақылары – 20 процент, орта медицина хызметкерлериниң айлық лаўазым мийнет ҳақылары – 10 процент муғдарында арттырылады.

Тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде шаңарақлық поликлиникалар ҳәм район (қала) лық орайлық емлеўханалардың медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлери (KPI) тийкарында айлық лаўазым мийнет ҳақысының (базалық тариф ставкасы) 100 процентине шекемги муғдарда үсетеме төленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги