Нәл егиў жумысларының нәтийжелери мониторинг етилмекте
Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўши 2-категориядағы санаат кәрханасы – “Қарақалпақцемент” ЖШЖ биргеликтеги кәрханасында жәмийетлик қадағалаў илажы өткерилди.
Онда партия ўәкиллери А.Абдирахманова, А.Исмайлова, депутат А.Аймуратов, кәрхана экологи А.Мадаминов, кәрхана коменданты Ш.Якубов ҳәм кәрхана бағманы И.Салиев пенен биргеликте “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде кәрхана аймағында ҳәм әтирапында “жасыл белбеў” сыпатында “Жасыл бағлар” шөлкемлестирилиўи бойынша әмелге асырылған жумыслар мониторинг етилди.

2025-жылдың 20-25-март күнлери кәрхананың көклемзарластырыў режелестирилген улыўма 5 гектардан аслам майданларында елимизде өткерилип атырған “Жасыл мәкан” бағдарламасы тийкарында бәҳәрги егис жумыслары алып барылған.
Атап айтқанда, кәрхана сыртындағы бетон автомобиль жолының еки қапталы, жаңа тәрезихана әтирапындағы жер майданлары таярланып, Елликқала районынан алып келинген ҳәр қыйлы саяманлы, мийўели нәллер егилген.

Сондай-ақ, лаборатория имараты әтирапына кәрхананың Беруний районы Алтынсай АПЖда жасаўшы жумысшы-хызметкерлериниң жеке қыйтақ жерлеринде жабайы ҳалда өскен тораңғыл нәллери бийпул алып келинип егилди.
Соның ишинде, 400 тут, 400 гүжим, 300 алмурт, 300 қәрели, 200 алша, 230 черешня, 1170 тораңғыл нәли, жәми 3000 түп нәллер егилген. Суўғарыў системасы тамшылатып суўғарыў арқалы әмелге асырылмақта. Кәрхананың фильтр үскенелери заман талапларына сай.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.